Аўыллық жерлердиң инфраструктурасы жақсыланбақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қоры қатнасыўында “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында Беруний районына 16,2 млн. АҚШ доллары муғдарында қаржылар ажыратыў режелестирилген, – деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.
Соның 23 млрд сумнан асламы «Абай» АПЖ аймағын раўажландырыў (социаллық тараў объектлери, инфраструктура менен байланыслы машқалалар) ушын ажыратылыўы белгиленген. 1-басқышта қурылысы белгиленген мәҳәлле комплексиниң имараты пайдаланыўға тапсырылды.
– Комплекстиң 1-қабатында мәҳәлле имараты жайласқан болып, жоқары қабатларында оқыў курслары, коворкинг ҳәм IT орайы, спорт саламатландырыў зонасы, тигиўшилик, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар шаштәрезханасы, нан писириў цехы ҳәм дүканлар шөлкемлестирилген, – дейди А.Уразова.
“Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” жойбары шеңберинде Абай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 6,1 млрд сумлық 8,5 км топырақ жолларды асфальтлаў, 17 млрд сумнан артық қаржы есабынан 90 орынлық балалар бақшасы, 3 қабатлы мәҳәлле ҳәм халыққа хызмет көрсетиў имаратын қурыў, 68-санлы мектепке қосымша оқыў имаратын қурыў ҳәм 17-санлы мектеп имаратын оңлаў режелестирилген.
1-басқышта қурылысы белгиленген 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 3 қабатлы мәҳәлле ҳәм халыққа хызмет көрсетиў имаратларынан, жойбар баҳасы 3 млрд. 800 млн сумлық 1 қабатлы 90 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имараты “Қирққиз махсус қурилиш” ЖШЖ тәрепинен қурып питкерилди.

Сондай-ақ, 90 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги