Өзбекстан – Испания: перспективалы бирге ислесиў буннан былай да кеңейеди

Өзбекстан ҳәм Европа мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиў жылдан-жылға раўажланбақта. Самарқанд қаласында усы жылыдң 3-4-апрель күнлери өткерилген «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити де ишки регион арасындағы байланысларды буннан былай да беккемлеў, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысыўда әҳмийетли платформа болды. Өзбекстан Европа Аўқамы ҳәм Европа мәмлекетлери менен бирге ислесиўди өзиниң сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири деп билетуғынын атап өтиў керек.
Әнжуманда мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, улыўма сиясий ерк-ықрары себепли Орайлық Азиядағы терең трансформация процесслери турақлы ҳәм изге қайтпас түрге енди. Исеним ҳәм жақын қоңсышылық беккемленбекте, кең көлемли бирге ислесиў ҳәм коопераицялық байланыслар кеңеймекте.
«Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы өз-ара бирге ислесиў системалы раўажланып барған сайын жетилиспекте. Бул бағдарда Испания Патшалығының мәмлекетимиз бенен бирге ислесиўин таллайтуғын болсақ, еки тәреплеме байланыслар жаңа басқышқа көтерилди. Испания Европа Аўқамындағы экономикасы раўажланған мәмлекетлерден бири болып табылады. Өзбекстан ғәрезсизлигин 1991-жылы 31-декабрьде тән алған Испания менен дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 17-мартта орнатылған. Өткен жыллар даўамында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў жетилисип барды. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жылдың июнь айында Астана қаласында ШБШ саммити шеңберинде болып өткен Испания патшасы Филлипп VI менен ушырасыўы бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин буннан былай да арттырды. Барлық тараўларда байланысларды беккемлеў бағдарындағы жумыслардың көлеми кеңейди Сыртқы ислер министрлиги арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлер өткериў механизми қәлиплести. Дослық байланысларын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўда еки мәмлекет ўәкиллик уйымларында дүзилген депутатлық топарлары үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Өзбекстан ҳәм Испания Омбудсман институтлары арасында бирге ислесиў ҳаққында қол қойылған келисим де нәтийжели болды.
Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге муўапық Испания менен саўда бойынша ең қолайлы мәмлекетлик режим орнатылды. Бүгинги күнде мәмлекетимизде Испания компанияларының қатнасыўында 16 кәрхана жумыс алып бармақта. Олардан 8и биргеликтеги кәрхана сыпатында, 8 и 100 процент испан капиталы тийкарында жумыс алып бармақта. Еки мәмлекет исбилермен топарларының байланысларын беккемлеў ҳәм кеңейтиўден өз-ара мәпдар екени сезилерли дәрежеде артып атырғанын атап өтиў керек. Агросанаат, азық-аўқат, химия, тоқымашылық, туризм, фармацевтика, виношылық, машина қурылысы санааты еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларынан бири болып табылады. Мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў 2001-жылы қол қойылған Мәденият ҳәм билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тийкарында әмелге асырылмақта.
Бул ҳүжжетке бола, ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилмекте. Соның ишинде, 2004-жылдың апрель-май айларында Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында Әмир Темур мәмлекети менен Кастилия Патшалығы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 600 жыллығы кеңнен белгиленди. 2006-жылы Мадридте Әмир Темур туўылғанының 670 жыллығы ҳәм мәмлекетлер арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынынң 600 жыллығына бағышланған халықаралық конференция болып өтти.
Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў байланыслары да жылдан-жылға беккемленбекте. Өзбекстан жәҳән тиллери университети менен Мадрид, Гранада, Алкала де Хенарес ҳәм Малага университетлери арасында бирге ислесиў жедел раўажланып атыр. 2019-жылы Кастилия-Ла-Манча университети Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институты ҳәм Өзбекстан жәҳән тиллери университети жанында еки испан тили ҳәм мәденияты орайын ашты. Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети ҳәм Сан-Пабло университети, сондай-ақ, Сантяго де Компостела университети ҳәм Ташкент педиатрия медицина институты арасында бирге ислесиў меморандумларына қол қойылған.
Еки мәмлекеттиң бай тарийхый мийрасы ҳәм мәденияты нәтийжесинде туризм тараўында бирге ислесиў ушын үлкен имканиятлар бар. Кейинги 8 жылда еки тәреплеме экономикалық қатнасықлардың өз-ара саўда көлеми еки есеге артқан және Өзбекстанда биргеликтеги кәрханалардың саны дерлик еки есеге көбейген. Испания Европа Аўқамының ең тийкарғы драйверлеринен бири сыпатында дүньяға белгили ҳәм өз тарийхы, мәденияты менен белгили. Бүгин бул мәмлекет Өзбекстан менен тығыз бирге ислесиў байланысларын беккемлеген. Самарқанд саммити әне усы кең көлемли, ҳәр тәреплеме пайдалы байланысларды буннан былай да беккемлеўде жаңа шеклерди ашып береди.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы