Киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ашық пикирлесиў болып өтти

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен Нөкис қаласында жумыс алып барып атырған киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен семинар өткерилди.
Семинарда киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўындағы әҳмийетли орны, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, салық нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм исбилерменлердиң турақлылық рейтинги туўралы мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен усы жылдың 19-март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен тараўдың экономикадағы орнын арттырыў ҳәм раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған ушырасыўында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар да атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Атап өтилгениндей, киши ҳәм орта бизнес елимизде жумыс орны, инвестиция, инновация, бәсеки ҳәм экспортты көбейтиўге ең үлкен түртки берип атырған бағдар есапланады. Сонлықтан да, бул бағдарда жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң қатарын және де кеңейтиў, жумысларын раўажландырыўда бизнес ўәкиллериниң бар машқала ҳәм усынысларын үйрениў және оларға шешим табыў үлкен әҳмийетке ийе.
Ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўда киши ҳәм орта бизнес исбилерменлериниң салық есабатларын тапсырыў, жеңилликлерден пайдаланыў бойынша усыныслары тыңланып, пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги