Сеул қаласында «Корея-Өзбекстан (Қарақалпақстан) бирге ислесиўин раўажландырыў орайы» ашылды

173

Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында халықаралық бирге ислесиўлерди раўажландырыў бойынша оғада көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда бир қатар сырт мәмлекетлер, соның ишинде, Корея мәмлекети менен де тығыз бирге ислесиў қатнасықлары орнатылып, беккемленип бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратовтың басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясының усы мәмлекетке сапары даўамында Кореяның Сеул қаласында «Корея-Өзбекстан (Қарақалпақстан) бирге ислесиўин раўажландырыў орайы»ның ашылыў мәресими өткерилди.

Онда Өзбекстанның Кореядағы елшиси А.Абдусаломов, People and Dream фонды басшылары, Корея-Өзбекстан тығыз бирге ислесиў қатнасықлары шеңберинде мәмлекетимиздиң регионлары ҳәм исбилерменлери менен бирге ислесиўди жолға қойған ири компания ўәкиллери, оқыў орынлары профессорлары, мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери қатнасты.

Бул илаж еки мәмлекет арасында өткен жылдың ақырынан берли өткерилген әмелий мәсләҳәтлесиўлер ҳәм бирге ислесиў келисимлериниң нәтийжеси болып, Корея ҳәм Өзбекстан арасындағы турақлы бирге ислесиўде жаңа бурылыс ноқатына тийкар жаратты.

Ашылыў мәресиминде орай басшысы Ли Сеок Хенге Қарақалпақстан Республикасынан тайынланған рәсмий хат тапсырылып, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм “Халық” фонды арасында орайдың жумысы ҳаққында исбилерменлик шәртнамасына қол қойылды.

Илажда орайдың бизнес-режеси ҳәм оны әмелге асырыў стратегиясының презентациясы бойынша да қызғын додалаўлар болып өтти. Елши Алишер Абдусаломов: “Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан ушын оғада әҳмийетли регион болып табылады ҳәм усы бирге ислесиў ҳәм раўажланыў орайының ашылыўы еки мәмлекет арасында өз-ара түсинисиў ҳәм абаданлыққа алып келетуғынына үмит етемен,” – деди ҳәм елшихана бирге ислесиў орайының жумысын белсене қоллап-қуўатлайтуғынын қосымша етти.

Жаңадан шөлкемлестирилген бул орай биргеликте бизнес-режелерди әмелге асырыў, экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўлерди жолға қойыў, жоқары билимлендириўде өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа жумыс орынлары мәселелери бойынша тығыз шериклик қатнасықларын күшейтиўге хызмет ететуғынлығын атап өтиў орынлы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги