Саммит шеңберинде әҳмийетли ушырасыў өткерилди

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен алып барылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде, Аралбойы регионын раўажландырыў мәселеси мәмлекетимизди раўажландырыўдың баслы бағдарларының бири болып келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде өткерилген Арал мәденият саммити шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев БМШ Раўажланыў бағдарламасы (UNDP) Администрациясы жәрдемшиси, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Европа ҳәм ҒМДА бойынша регионаллық бюросының директоры Ивана Живкович пенен ушырасты.
Ушырасыўда мәмлекетимизде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажландырыў бағдарламасы менен биргеликте халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылған басламаларды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар кең түрде атап өтилди.

Сондай-ақ, климат өзгериси ақыбетлерин қорғаў ҳәм оған қарсы гүресиў мәселелери Европа аўқамы менен бирге ислесиўди буннан былай да жетилистириў бойынша әмелий илажлар оғада әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өткерилген ушырасыў даўамында мәмлекетимиз, соның ишинде, Қарақалпақстан ҳәм БМШ Раўажланыў Бағдарламасы арасында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери, атап айтқанда, Қарақалпақстан ҳәм Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў бойынша кең түрде пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги