Халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-апрель күни Самарқанд климат форумы шеңберинде БМШ структуралары ҳәм бир қатар халықаралық шөлкемлердиң басшыларын қабыллады.
БМШ Бас хаткериниң орынбасары Европа экономикалық комиссиясының атқарыўшы хаткери Татьяна Молчан мәмлекетимиз басшысына БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.
Шавкат Мирзиёев комиссияның 2030-жылға шекемги дәўирде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўдеги әҳмийетли орны, сондай-ақ, транспорт, инновациялар, тоқымашылық, энергетика, экология ҳәм гендер теңлик тараўларында, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы мәселелеринде көрсетилип атырған экспертлик жәрдемин айрықша атап өтти.
Регионаллық ҳәм мәмлекетлик көлемдеги жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл ноябрь айында Баку қаласында болып өткен БМШтың Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарламасы (СПЕКА) биринши саммитинде билдирилген басламаларын әмелий алға қойыў тәреплери додаланды.
Өзбекстан тәрепиниң усынысына бола, СПЕКАның 2030-жылға шекем раўажаланыў концепциясы қабыл етлигени, ЕАК пенен саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша «жол картасы»на қол қойылғаны, Транскаспий коридоры шеңберинде санластырыў ҳәм ҳүжжетлер алмасыўы бойынша комплексли илажлар избе-из әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўышылық пенен атап өтилди.
Жыл басында комиссия жәрдеминде Өзбекстан Халықтың экология жағдайы ҳаққындағы исенимли мәлимлемеден пайдаланыўы ҳаққындағы Орхус конвенциясына қосылды.
Ҳаўа конвенциясы ҳәм Санаат аварияларының трансшегаралық тәсири ҳаққындағы конвенцияға қосылыў мәселеси ислеп шығылмақта.
СПЕКА бағдарламасының Мақсетли қорын тез пурсатта иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.

БМШ Бас хаткериниң орынбасары, БМШтың елатлы пунктлер бойынша бағдарламасының (БМШ – Хабитат) атқарыўшы директоры Анаклаудия Россбах пенен ушырасыў ўақтында усы абырайлы институт пенен қалаларды турақлы раўажландырыў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыў бағдарында көп тәреплемели шерикликти раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
БМШтың жоқары дәрежели ўәкили мәмлекетимизде «ақыллы» ҳәм «жасыл» қалаларды турақлы раўажландырыў, халық ушын қолайлы орталық жаратыўға қаратылған урбанизация тараўындағы реформаларды унамлы баҳалады.
Қалаларды басқарыўға заманагөй санлы шешимлерди енгизиў, «жасыл» қурылыс стандартларын ислеп шығыў, қала орталығында климат өзгериўине бейимлесиў бойынша арнаўлы бағдарламаны иске қосыў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өзбекстанда Пүткил жер жүзилик тазалық күнин өткериў ҳәм Ташкентте шөлкем офисин ашыў мәселелери көрип шығылды. Әмелий бирге ислесиў бағдарлары бойынша «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.
БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Шөллениўге қарсы гүресиў конвенциясының атқарыўшы хаткери Ибраҳим Тиав пенен ушырасыўда мәмлекетимиз ҳәм регионымызда шөллениў, жерлер делегациясына қарсы гүресиў тараўында БМШтың усы абырайлы структурасы менен бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

БМШ ўәкили Өзбекстан басшысының форумдағы шығып сөйлеген сөзин жоқары баҳалап, климат қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў бойынша алға қойылған басламалардың әҳийетли екенлигин ҳәм Орайлық Азияның «Жасыл» раўажланыў концепциясы өз ўақтында усыныс етилгенин атап өтти.
Өткен жылдың август айында БМШ Бас Ассамблеясы Өзбекстан тәрепинен алға қойылған тоғайларды тиклеў бойынша резолюцияны бир аўыздан мақулланғаны, сондай-ақ, жерлер деградациясының алдын алыў бойынша миллий мақсетлерди ислеп шығыў басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ташкент қаласындағы «Жасыл университет» негизинде Жерлер деградациясы ҳәм шөллениўге қарсы гүресиў бойынша халықаралық илимий тармақты шөлкемлестириўге Конвенция экспертлериниң тартылыўы белгиленди.

Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегация менен ушырасыў алдында министр мәмлекетимиз басшысына БАӘ Президенти Шайх муҳаммад Ол Наҳаян, Бас министри, Дубай әмири Шайх муҳаммад Ол Мактум ҳәм вице-президенти Шайх мансур Ол Наҳаянның сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди
Қабыл етилген «жол картасы» тийкарында тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстан Президентиниң быйылғы жылдың январь айында БАӘге әмелге асырған сапарының тарийхый жуўамқлары, нәтийжеде еки мәмлекет арасындағы көп тәреплеме қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара саўда көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм тиккелей парўазлар саны турақлы артып бармақта. Әмирликлердиң жетекши компанияларының қатнасыўындағы жойбарлар портфели дерлик 20 миллиард долларды қурамақта.
Өзбекстан аймақларында «жасыл» энергетика, электротехника, аўыл хожалығы, суў хожалығы, коммунал ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў бойынша кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар каратылды.
Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлық мәселелери де көрип шығылды.
Соң мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан-Саудия исбилерменлер кеңесиниң баслығы, “ACWA Power” компаниясы басқармасы баслығы Муҳаммад Абунайянды қабыл етти.

Саудия Арабстаны компаниялары менен әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Президентимиз Өзбекстанның «жасыл» энергетика тараўында стратегиялық инвестор болған “ACWA Power” компаниясы менен нәтийжели шериклик жедел раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бүгинги күнде компания менен әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар портфели 15 миллиард долларға жетти.
Өткен жылдың декабрь айында Бухара ўәлаятында ҳәр бири 500 мегаваттлы 2 самал электр станциясы тармаққа қосылды, сондай-ақ, Самарқанд ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 1 гигавват болған еки қуяш станциясы ҳәм Ташкент ўәлаятында энергия сақлаў системаларын қурыў жойбарлары басланды.
«Жасыл» энергетика, инфраструктура, фармацевтика, ыссылық ҳәм суў тәмийнатын модернизациялаў, турақ жай коммунал хожалығы ҳәм басқа тийкарғы бағдарлардағы жойбарларды жедел әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы мәнисте, быйылғы жылы Самарқанд қаласында өткерилиўи режелестирилген Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм бизнес форумына пуқта таярлық көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.
ӨзА