Нөкисте Биринши Арал мәденият саммити болып өтти

Бүгин дүнья мәмлекетлери, халықаралық шөлкемлер, жетекши экспертлер ҳәм абырайлы ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң дыққат-итибары Өзбекстанға қаратылған. Себеби, 3-4-апрель күнлери елимиздиң әййемги мәденият ошағы болған гөззал Самарқанд қаласында мәмлекетимиздиң сиясий турмысындағы үлкен тарийхый ўақыя «Орайлық Азия-Европа Аўқамы» биринши саммити ҳәм оның шеңберинде Глобал климат форумы болып өткен болса, бул илаж 5-апрель күни Нөкис қаласындағы Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген Аққуў комплексинде өз жумысын баслаған «Арал мәденият саммити» не уласып кетти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 28-март күни «Арал мәденият саммитин жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында» ғы қарары қабыл етилип, Арал регионында қолайлы тәбийғый орталық жаратыў, аймақтың бийбаҳа мәденияты менен тарийхый мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм кеңнен ен жайдырыў, бул бағдарларда илимий-изертлеў жумысларын, инновациялық жойбарларды ҳәм дөретиўшилик басламаларды әмелге асырыў ушын халықаралық бирге ислесиў ҳәм сөйлесиўлерди буннан былай да кеңейтиў бағдарында өткерилип атырған бул тарийхый илаж алдағы ўақытларда ҳәр он сегиз айда өткерилиўи белгиленбекте.
Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен шөлкемлестирилип атырған саммитке Европа мәмлекетлериниң ҳәм елимиздиң көркем өнер, мәденият тараўының белгили қәнигелери, сиясатшылар, қоршаған орталықты қорғаў бойынша экспертлер, художниклер, дизайнерлер ҳәм эколог илимпазлар қатнасты.
«Арал мәденият саммити»ниң салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң жәрдемшиси С.Мирзиёева қатнасып, экологиялық глобал машқаланың идеал шешими болған Аралдың қурыған ултанын жасыл тоғайзарлыққа айландырыў бойынша исленип атырған ийгиликли ислерге тоқтап өтти ҳәм дүнья жәмийетшилигиниң экологиялық жағдайларға бийпәрўа емеслигин атап өтип, саммиттиң ашылыўы менен бәршени қутлықлады. Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Турсынхан Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстанға қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлығы ҳаққында тоқтап өтти. Аралбойын раўажландырыў ҳәм жасыл мәканға айландырыў бойынша исленип атырған кең көлемли илажлар санларда өз тастыйығын табады. Бүгинги күнге келип теңиз түбинде 1 млн 850 гектар жер майданға тоғайлықлар пайда етилди. Быйылғы мәўсимде де 200 мың гектар жерге шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў ислери даўам ететуғынлығын атап өтти. Бундай ислерге бүгин дүнья кең жәмийетшилигиниң дыққат-итибары қаратылып атырғанлығы бәринен де әҳмийетли.






Атап өтилгениндей Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен шөлкемлестирилген саммит көркем өнер, мәденият, дизайн ҳәм илимди раўажландырыўға қаратылған. Арал мәденият саммити (ACS) Арал теңизи апатшылығы ҳәм глобал климат машқалаларын шешиўдиң турақлы шешимлерин үйрениў ҳәм әмелге асырыў мақсетинде жетекши мәденият ғайраткерлери, сиясатшылар, художниклер ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша экспертлерди бирлестиреди. Саммит Самарқандта регион ҳәм Европа мәмлекетлери басшылары қатнасыўында болып өтип атырған Өзбекстанның экологиялық ҳәм социаллық раўажланыў бойынша регионаллық бирге ислесиўин беккемлейтуғын биринши Глобал климат форумы шеңберинде ашылғанлығы менен әҳмийетли.
Саммит резиденциялар, лабораториялар, семинарлар, көргизбелер ҳәм фестивалларды өз ишине алған басламалар арқалы Өзбекстанның Қарақалпақстан аймағында инновациялар ҳәм унамлы өзгерислерди әмелге асырыўға умтылады. Сондай-ақ, саммит регионаллық қоршаған орталықты қайта тиклеў ҳәм жанландырыў, соның менен бирге, циркуляр экономика принциплерине сәйкес келетуғын жаңа кәрханаларды тартыў, турақлы экономикалық өсиўди жаратыўға қаратылған. Жойбар 2023-жылы март айында Нью-Йоркда болып өткен БМШ тың Суў конференциясы ўақтында рәсмий баян етилген. Ол дүнья жәмийетшилиги итибарын Аралбойының экологиялық ҳәм мәдений машқалаларына қаратыўда әҳмийетли қәдем болды.
– Арал мәденият саммити бул өзгерислер ушын майдан ҳәм минбер болып есапланады. Мәдений байланысты климат күн тәртиби менен үйлестириў арқалы биз көркем өнер узақ мүддетли турақлы раўажланыўға болған жәмәәтлик умтылыўларымызға үлес қосыўын кепиллик билдиремиз. Бизиң «Европа Аўқамы –Орайлық Азия саммити» ҳәм Глобал климат форумы менен бирге ислесиўимиз қоршаған орталықтың өзгериўин хошаметлеўде мәденияттың салмақлы орын ийелейтуғынын белгилейди, -дейди Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры баслығы Гаянэ Умерова.
Илажда баянатлар тыңланып, сораў-жуўаплар ҳәм пикир алысыўлар менен даўам етти.
-Арал теңизи машқаласы менен танысып шыққанымнан соң мен бул саммитти узақ күттим. Бул Қарақалпақстанға үшинши мәрте сапарым. Алдын Мойнақ районында да болғанман ҳәм бул үлке маған оғада унап қалды. Мениң кәсибим аграр тараўы менен байланыслы болғанлықтан климат өзгериўине байланыслы ҳәр бир мәселе ҳәм машқала оғада әҳмийетли деп ойлайман. Өзимниң Аралға болған мухаббатым жәмленген «Айтылмаған әңгимелер» атлы китабымды да баспадан шығарғанман. Аймақта жасларға қаратылған итибарды көрип оғада қуўандым. Прогрессивлер, дизайнерлер ҳәм жүдә шебер реактив пикирге ийе болған оларды бирлестирип дүньяға көрсетиўде болса, Нөкис ең қолайлы орын болады деген пикирдемен,-дейди Уллы Британиялы жазыўшы ҳәм журналист Филип Моган.
Аралбойы регионын жанландырыў, қайта тиклеў ҳәм дүнья экономика принциплерине сәйкес келетуғын жаңа кәрханаларды енгизиў, турақлы экономикалық өсиўди жаратыў саммиттиң баслы бағдарларының бири болды.
-Бүгинги саммитке дүнья жүзинен еки жүзден аслам экспертлер, илампазлар, дизайнерлер ҳәм тараўға баланыслы қәнигелер қатнаспақта. Илаждың өткерилиўиниң әҳмийетли тәрепи сонда, дүнья жүзиниң итибары және бир мәрте Арал машқаласына, мәдений мәселелерге, регионға қаратылмақта. Әлбетте, тек ғана мәдений мәселелер қаралып қоймастан, Арал теңизи әтирапындағы бүгинги күндеги экологиялық машқалалар ҳаққында да сөз етилмекте. Нөкис қаласында ҳәр түрли тараў экспертлериниң жыйналыўы келешекте экологиялық ҳәм мәдений мәселелерди шешиў ушын үлкен платформа болып есапланады. Бул жаңа жойбарларға бағдар болады деп исенемиз,-дейди Аралбойы халықаралық инновация орайы директоры Б.Ҳабибуллаев.
Саммит Шылпық тарийхый орнында шөлкемлестирилген мәдений илаж бенен даўам етип, онда өткерилген концерт бағдарламасында көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, жас талант ийелериниң атқарыўындағы қосықлар, шебер аяқ ойыншылардың әжайып шығыўлары тамашагөйлер нәзерине усынылды ҳәм жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырып, хош кейпият бағышлады.

Илаждың екинши күни де қатнасыўшылардың баянатлары ҳәм усыныс-пикирлери менен даўам етти. Илимпазлар, экспертлер өзериниң илимий жумысларынан келип шығып, бул аймақтағы экологиялық машқалаларды шешиў бойынша мысаллар арқалы пикир алысты. Илажда республикамыздағы волонтёр жаслар ҳәм жас илимпазлар да белсендилик көрсетти.
Саммит И.В. Савицкий атындағы музейде болып өткен мәдений илаж бенен даўам етти.
Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
Мақсет Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери