Чемпионаттан жаңа чемпионларды күтемиз

186

Усы жыл 7-15-апрель күнлери Қытай Халық Республикасының Уси қаласында қылышласыў бойынша өспиримлер ҳәм жаслар арасындағы жәҳән чемпионаты болып өтеди.

Хабар берилгениндей, дүньяның ең күшли жас қылышпазлары жәмленген бул жарысқа Өзбекстанның сайланды командасы ағзалары да қызғын таярлықлар көрди.

Бул чемпионатта (Wuxi-2025) Өзбекстаннан жәми 22 спортшы медальлар ушын гүреседи.

Чемпионатты сабляшылар баслап бериўи күтилмекте.

Қарақалпақстан жасларынан XIX Азия ойынлары (Ханчжоу, 2022) чемпионы (командалық), 5 мәрте Азия чемпионы Гүлистан Пердебаева, Азия чемпионы, “Мард уғлон” сыйлығы ийеси Муса Аймуратов, Азия чемпионлары Исламбек Абдазов, Наргиза Жақсыбаевалар қатнасады.

Аякөз Жумамуратова жеккеликте түспейди, ал командалық жарысларда беллеседи.

Жарыс алдынан кеше залда спортшылардың спорт кийимлериниң, спорт қуралларының сазлығы бирме-бир көзден өткерилди. Бүгин қылышласыў спорты бойынша Жәҳән чемпионатының жаслар арасындағы ер ҳәм қыз балалар арасында жеккелик жарысларына старт бериледи.

Спортшы жасларымызға әўмет тилеймиз!!!

Қарақалпақстан хабар агентлиги