Халықлар дослығы беккемленбекте

200

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Өзбекстан – улыўма үйимиз!» атамасында руўхый ағартыўшылық илажы болып өтти.

Илаж шеңберинде филиалда аўызбиршиликли ҳәм татыў, дослық қатнасықларында оқып билим алып атырған түрли миллет ўәкиллери есапланған студент-жаслардың, сондай-ақ, елимизде жумыс алып барып атырған миллий-мәдений орайлардың миллий көргизбелери, дәстүрлери, үрп-әдетлери, миллий қосықлары ҳәм аяқ-ойынлары илаж қатнасыўшыларының нәзерине усынылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Толыбеков, Қарақалпақстан Республикасы Судының судьясы Е.Утениязов ҳәм  мийнет нураныйы Б.Сулановлар мийманда болды.

Илажды филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Кешеде шығып сөйлеўшилер тәрепинен соңғы жыллары  елимизде миллетлер аралық татыўлық, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў ҳәм көп миллетли халқымыздың дослықта жасап киятырғанлығы мақтаныш пенен тилге алынды.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күни мәмлекетимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери өз-ара татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап, халқымыз бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, елимиздиң раўажланыўы жолында мийнет етпекте.

Илажда филиал студент-жаслары тәрепинен елимизде жасаўшы туўысқан халықлардың миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылып, бул жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы