Қыйтақ жерден пайдаланыўшы шаңарақлар көбеймекте

282

Бозатаў районы Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Қыйтақ жер мәденияты, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм дәрамат табыў»  атамасында семинар өткерилди.

Өткерилген семинарға Бозатаў районы ҳәкими Б.Уббиниязов, Өзбекстан Республикасы Транспорт министриниң орынбасары И.Абдугафаров, район аймағындағы тийисли тараў басшылары, мәҳәлле жетилиги, сондай-ақ, аймақ турғынлары қатнасты.

Семинар қатнасыўшылары дәслеп Еркиндәрья АПЖ «Мәҳәлле» көшеси турғыны Б.Бекназаровтың шаңарағында болды. Бул жерде олар тоқсанбасты усылындағы егинлерди егиў, пияз  ҳәм чеснок жетистириў усыллары менен жақыннан танысты.

Буннан соң илаж шөлкемлестириўшилери пуқаралардың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, олардың экспортқа жарамлы егинлерди жетистириўи бойынша билимлерин арттырыў мақсетинде қатнасыўшыларға кеңнен түсиниклер берип, «Дәрбент гүзары» көшеси турғыны Е.Нийетовтың шаңарағында болды.

Бул жерде қатнасыўшылар ыссыханадан нәтийжели пайдаланыў, қыяр ҳәм помидор нәллерин жетистириў, сондай-ақ, қусшылықты раўажландырыў усыллары менен танысты.

Семинар барысында «Бир мәҳәлледе-бир өним» принципи тийкарында экспортқа қолайлы егинлерди егиў, кәмбағаллықтан абаданлыққа ерисиў имканиятлары, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўи ҳәм тармақты раўажландырыў мәселелери додаланды.

Семинар қатнасыўшыларының кейинги мәнзили Еркиндәрья АПЖ  «Дәрбент гүзары» көшеси турғыны А.Алланиязовтың шаңарағы болды.

Бул жерде шаңарақ ийеси ҳәм арнаўлы қәнигелер тәрепинен мийўе нәллерин жетистириўдиң агротехникалық қағыйдалары, нәллерди тәрбиялаў усыллары, нәллерди егиў мүддети, егиў схемасы ҳәм нормалары көргизбели түрде түсиндирилип, қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы