Елимиздиң келешегин белгилеўши әҳмийетли ҳүжжет

Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 32 жыл толды. Конституция мəмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳəр бир елдиң келешегин белгилейди. 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы мəмлекетимиздиң ең жоқары юридикалық күшке ийе болған Тийкарғы нызамы болып есапланады.
Сәне мүнәсибети Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында ушырасыў болып өтти. Оған жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты. Илажды Филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашып, басқарып барды.
Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Толыбеков, Қарақалпақстан Республикасы Судының судьясы Е.Утениязов ҳәм мийнет нураныйы Б.Султановлар илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, Конституциямыздың халқымыз турмысындағы әҳмийети, мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, жаслар сиясаты ҳәм басқа да әҳмийетли өзгерислердиң тийкарында Конституцияның тутқан орны ҳәм әҳмийетин атап өтти.

Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған Бас нызам есапланады.
Келешек ийелери болған жасларды ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда ҳәм олардың ҳуқықый санасын асырыўда Конституциямыздың әҳмийетин жаслар қәлбине сиңдириўдеги ийгиликли жумысларымызды және де тереңирек даўам еттириўимиз керек.
Илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы