Регби спорт түрин раўажландырыў мәселеси сөз етилди

Соңғы жыллары елимизде денетәрбиясы ҳәм спортты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, спорттың барлық түрлерин, соның ишинде, регбиди буннан былай да ғалаба ен жайдырыў, спорт пенен шуғылланыў ушын қолайлы шараятлар ҳәм инфраструктура жаратыўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылды.
Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан Регби федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң басламасы менен тренер ҳәм устазлардың қатнасыўында аймақта спорттың регби түрин раўажландырыў, барлық районларда регби спорт түрин ашыў ҳәм оған жасларды тартыў мәселесине бағышланған илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Еркинбай Қутыбаев ҳәм Өзбекстан Мәҳәллелер ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өзбекстан Регби федерациясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Сағындық Турмановлар шығып сөйлеп, соңғы жыллары федерация тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм қолға киргизилген табыслар бойынша мағлыўмат берип, тараўда ушырасып атырған кемшиликлерге де тоқтап өтилди.
– Регби – физикалық жақтан күшли болған жигит-қызлар шуғылланатуғын спорт түри. Бул спорт түринен тек ғана пайтахтымызда емес, ал районларда да командалар қәлиплесип атыр. Федерация тәрепинен регбиди жаслар арасында кеңнен раўажландырыў мақсетинде илажлар режеси ислеп шығылған. Регби мәмлекетимизде ең қызғын ойналатуғын командалық ойынлардан бирине айланыўына ҳәрекет етемиз, – дейди Өзбекстан Регби федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Сағындық Турманов.

Илаж даўамында Регби спорт түрин буннан былай да раўажландырыў, оны республика халқының кең қатламлары арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, жоқары сапалы оқыў-шынығыў процесин тәмийинлеў, спортшылар, тренерлер ҳәм төрешилердиң шеберлик дәрежеси ҳәм маманлығын турақлы арттырып барыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, регби спорт түри бойынша спортшыларды таярлаў ушын материаллық-техникалық базаны беккемлеў көлеминдеги мәселелер додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги