Ҳаял-қызлар исбилерменлигине итибар және де күшейтиледи

138

Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамованың басшылығында мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың исбилерменлик басламалары ҳәм  жумысын және де қоллап-қуўатлаў мәселелерин додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилисте  «Ҳамроҳ» исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайларында ҳаял-қызларды оқытыў жумысларының барысы, жумысты бөлип алып ислеў ҳәм  турақ жайларда үй мийнети менен шуғылланатуғын  ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәселелери кеңнен талланды.



Айырым кемшиликлер, төмен дәрежедеги ислерди жеделлестириў, ҳаял-қызларды  исбилерменликке бағдарлаў, жумысын кеңейтиў тилегинде болған ҳаял-қызларға жәрдем бериў бағдарында мәҳәллелер кесиминде ислесиў бойынша Бас министрдиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Маҳкамова тәрепинен тийисли тапсырмалар берилди.

Н.Усмонова, ӨзА