Орайлық Азия жетекшилери жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын раўажландырыўда бир-бирин қоллап-қуўатлайды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-апрель күни «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитинде қатнасыў ушын Самарқандқа келген Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен ушырасыўлар өткерди.
Түркменстан Президенти мәмлекетимиз басшысына Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың қызғын сәлемин жеткерди.
Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Өткен жылдың жуўмақларына бола 1,1 миллиард доллардан асқан товар алмасыў көрсеткишлери турақлы өсип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Санаат, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта. Биргеликте «Шават-Ташаўыз» шегараалды саўда зонасы шөлкемлестирилмекте. Жедел аймақлараралық сөйлесиўлер ҳәм мәдений гуманитарлық алмасыў шеңбериндеги илажлар турақлы өткерилмекте.
Болажақ жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм көп тәреплеме илажларға таярлық көриў, сондай-ақ, кең көлемли бирге ислесиў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери сөйлесиўинде быйыл 31-март күни Хоженд қаласында өткен жоқары дәрежедеги үш тәреплеме ушырасыўдың тарийхый нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Шегара мәселелериниң толық тәртипке салыныўы регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўда жаңа бет ашатуғыны атап өтилди.
Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Усы айда болып өтетуғын Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисинде товар алмасыўды көбейтиў ҳәм кооперациялық жойбарларды жеделлестириў бойынша анық илажларды ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жетекшилер регионаллық күн тәртибиндеги мәселелерди, сондай-ақ, еки ҳәм көп тәреплеме илажларға таярлықты додалады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров та ушырасыў алдында Хоженд қаласында мәмлекет басшыларының үш тәреплеме ушырасыўының нәтийжели болғаны ҳәм мәмлекетлик шегаралардың тутас ноқаты ҳаққында тарийхый шәртнамаға қол қойылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелери, атап айтқанда, санаат, транспорт, энергетика ҳәм инфраструктура тараўларында әҳмийетли кооперациялық жойбарларды жеделлестириў илажлары көрип шығылды.
Мәмлекет басшылары жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Болажақ илажлар режеси ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң басқа әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилериниң ушырасыўында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын еки мәмлекет басшыларының жақында Алмата қаласында болып өткен рәсмий емес ушырасыўында ерисилген келисимлерди есапқа алған ҳалда және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Еки мәмлекет ҳүкиметлери товар алмасыўды көбейтиў, экономикалық жойбарлар ҳәм гуманитарлық бағдарламаларды, соның ишинде, аймақлар дәрежесинде әмелге асырыў бойынша муўапықластырылған илажлар көриўи әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Халықаралық санаат кооперациясы орайын иске қосыў процесин тезлестириў ҳаққында келисип алынды.
Сондай-ақ, регионаллық күн тәртиби бойынша пикир алысылды, жоқары дәрежедеги илажлар кестеси көрип шығылды.
ӨзА