Тергеў судьясы институты: Әҳмийетли жаңа мақсет ҳәм ўазыйпалар

Мүнәсибет
Суд ҳәкимиятының тийкарғы ўазыйпасы – пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў, нызамларды қолланыўда нызамлылық ҳәм әдилликти тәмийинлеўден ибарат. Жәмийетлик турмыстың барлық салаларында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, өз гезегинде, ис бойынша барлық жағдайлар суд тәрепинен ҳәр тәреплеме тексерилип, дәлиллерге қалыс баҳа берилиўине, ақлаў ҳүкимлериниң көбейиўине тийкар жаратпақта. Нәтийжеде, пуқаралардың судқа болған исеними де артпақта.
Президентимиз тәрепинен 2024-жыл 10-июньде қабыл етилген “Оператив излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы суд-ҳуқық системасындағы нәтийжели реформалардың изшил даўамы болды.
Пәрман менен суд-ҳуқық системасында заманагөй талаплар ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында исти судқа шекем жүргизиў басқышында тергеў судьясы лаўазымы енгизилетуғыны белгиленди.
Тергеў судьясы – Өзбекстан суд системасы ушын жаңа институт болып, оның алдына жүдә әҳмийетли мақсет ҳәм ўазыйпалар қойылды. Бул лаўазым жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судларда енгизилди.
Пәрман тийкарындағы ең әҳмийетли жаңалық, 2025-жылдың 1-январынан жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда тергеў судьясы лаўазымы енгизилди. Тергеў судьялары жынаят ислери бойынша судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериў мәселесин көрип шығады.
Буннан тысқары, тергеў судьяларына ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги берилди. Олар көрип шыққан ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер болса, әмелдеги тәртип бойынша жоқары инстанцияларда қайта көрип шығылады. Сондай-ақ, тергеў судьясы санкциялар ҳәм мәжбүрлеў илажларын қолланыў мәселесин де шешеди.
Раўажланған мәмлекетлердиң юрисдикциясында ҳәр қыйлы көринислерде табыслы қолланылып киятырған бул әмелият миллий нызамшылығымызға, қалаберди, миллий менталитетимизге сәйкес тәризде ислеп шығылды.
Енди бул институттың тарийхына азғана нәзер салатуғын болсақ, тергеў судьясы институты, әсиресе, Францияда өзиниң тарийхый тамырларына ийе. Бул институт ҳаққындағы дәслепки еслетпелер усы мәмлекетке барып тақалады. Институт нормативлик ҳүжжетлерде биринши мәрте 1808-жылы Наполеон жынаят-тергеў кодексинде сәўлелендирген. Россияда 1860-жылдан “суд тергеўшилери” аты менен таныла баслаған. Олардың пайда болыўы менен тергеў функциясы полиция ҳәм прокуратура жумысынан ажыратылған.
Бул институт сырт еллерде, соның ишинде, 2002-жылы Литвада, 2003-жылы Молдавия ҳәм Эстонияда, 2005-жылы Латвияда, 2013-жылы Украинада, ал 2015-жылы Қазақстан, Грузия ҳәм Қырғызстанда енгизилген. Буннан тысқары, Бельгия, Греция, Ирак, Испания, Нидерландия ҳәм Хорватия мәмлекетлеринде де өз жумысын табыслы әмелге асырып келмекте.
Жақынға шекем жынаят ислери бойынша судларға ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ислер, жынаят ислери, лаўазымлы шахслардың шығарған қарарлары үстинен билдирилген шағымлар және судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериўге байланыслы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги берилген еди. Бул өз орнында жынаят ислери бойынша район (қала)лық судларда жеке тәртипте жумыс алып барып атырған бир судьяның өзине жүдә көп жумысларды көрип шығыў ўазыйпасын жүклеўи менен бирге, өз гезегинде бул пуқаралар тәрепинен орынлы наразылықларға да себепши болып атырған еди. Енгизилип атырған жаңа тәртип арқалы жынаят ислери бойынша биринши инстанция судларының судьялары арасында жумыс көлеминиң тең салмақлылығын толық тәмийинлеўге ерисиледи.
Усы жерде жақында “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамы қабыл етилгенин айрықша атап өтиў орынлы.
Бул нызам менен бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, Жынаят-процессуал кодекси “Тергеў судьясының ўәкилликлери” атамасындағы 311-статьясы менен толықтырылды. Оған бола, тергеў судьясы жеке өзи жумыс алып барады. Судқа шекемги ис жүргизиў басқышында шахстың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўи үстинен суд қадағалаўын әмелге асырады.
Тергеў судьясы өз ўәкиллигинен келип шығып, қамаққа алыў ямаса үй қамағы түриндеги қәўипсизлик илажын қолланыў, қамақта сақлаў ямаса үй қамағы мүддетин созыў, иркип турыў мүддетин қырық сегиз саатқа шекем созыў ҳаққындағы өтинишлерди көрип шығады.
Сондай-ақ, паспорттың (көшпели ҳүжжеттиң) әмел етиўин тоқтатып турыў, айыпланыўшыны лаўазымынан шетлетиў, шахсты медициналық мәкемеге жайластырыў, сондай-ақ, айыпланыўшының медициналық мәкемеде болыў мүддетин созыў, өли денени эксгумациялаў, почта-телеграф жөнелтпелерин хатлаў ҳәм прокурордың гүўа ҳәм жәбирлениўшиниң (пуқаралық даўагердиң) көрсетпелерин алдыннан беккемлеў ҳаққындағы өтинишлерин көрип шығыў, тинтиў өткериў, телефон ҳәм басқа да телекоммуникация қурылмалары арқалы алып барылатуғын сөйлесиўлерди тыңлаў, олар арқалы жиберилетуғын мәлимлемени алыў, мүлкти хатлаў ҳаққындағы өтинишлерди көрип шығыў сыяқлы 11 түрдеги санкция ҳәм мәжбүрлеў шараларын қолланыў мәселесин көрип шығыў ўәкиллиги берилди.
Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде тергеў судьясы тәрепинен процессуаллық қарарларға берилген санкциялар тек ғана аппеляция инстанциясында Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Өзбекстан Республикасы әскерий суды тәрепинен жеке тәртипте қайта көрип шығылыў тәртиби белгиленди.
Тергеў судьясы өз жумысын еркин әмелге асырады ҳәм ол тек ғана нызамға бойсынады. Тергеў судьясына әдил судлаўды әмелге асырыў менен байланыслы болмаған ҳәр қандай ўазыйпалардың жүклениўине жол қойылмайды.
Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, олардың нызамлы мәплерин қорғаў, нызам үстинлигине ерисиў, әдилликти тәмийинлеўде пүткиллей жаңа – тергеў судьясы институтының енгизилгенлиги суд-ҳуқық тараўындағы реформаларда жаңа басқышты баслап берди. Ҳақыйқатында да, тергеў судьясы институты суд системасында қысқа ўақыт ишинде өз орнына ийе болатуғыны дәслепки күнлерден-ақ көзге таслана баслады.
Қарақалпақстан Республикасында жынаят ислери бойынша район (қала)лық судларда усы жылдың 1-январь сәнесинен баслап 18 тергеў судьясы өз жумысын баслады.
Бул жаңа институт судлардың жумысларында исти судқа шекем жүргизиўде тәреплердиң теңлиги ҳәм тартысыў принципиниң тәмийинлениўине, қорғаўшының ҳуқықларының кеңейиўине және айыплаў ҳәм қорғаў тәрепиниң жумысы үстинен қалыс суд қадағалаўының әмелге асырылыўына және де қолайлы шараят жаратып, жынаят ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислердиң өз ўақтында ҳәм сапалы көрилиўи, ең баслысы “Хабеас корпус” институтын әмелиятқа және де кеңирек енгизиў имканиятларын жаратыў арқалы пуқаралардың наразылықларының өз-өзинен сапластырылыўына ҳәм әдил судлаўға болған исенимин арттырыўға хызмет етеди.
Ең баслысы, сорастырыў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы исенимли қорғаўға ҳәм халықтың судларға болған исенимин және де беккемлеўге хызмет етеди.
Абылай АДИЛОВ,
Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының оринбасары,
Жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги