Жердиң жолдасы Айда сынақ өткерилди

НАСА Айдағы космослық миссиялардың тийкарғы машқалаларынан бирин шешиўши жаңа технологияны табыслы сынақтан өткерди.
Электродинамикалық шаң қалқаны (ЭДС) үскенелер бойынша шаңды нәтийжели тазалады – буны система жеделлескенинен алдын ҳәм кейин алынған сүўретлер дәлилледи. Тест 2025-жыл 16-март күни жуўмақланған Firefly Aerospace компаниясының Blue Ghostмиссияси портында өткерилген. Сынақ нәтийжелери жаңа технология космослық аппаратлардың оғада әҳмийетли элементлери – шийше панельлер ҳәм ыссылық радиаторларын шаңнан тазалай алатуғынын көрсеткен.
Ай шаңы космослық миссияларға үлкен қәўип туўдырады. Айдың бетине миллиардлаған жыллар даўамында урылған микрометеоритлер ҳәм суўдың жоқлығы себепли бул шаңлар пәки сыяқлы өткир түрге енген. Космослық нурлардың турақлы бомбардировшысы ҳәр бир майда затқа электростатикалық заряд берген. Нәтийжеде көмир сыяқлы жабысқақ шаң скафандрлар, линзалар ҳәм басқа да үскенелерди қаплап алады.
Усы машқала 1960-жыллардағы биринши Ай миссиясынан берли бар. НАСА тәрепинен ислеп шығылған ЭДС қалқаны жоқары вольтлы өзгериўшең сигналларды усынатуғын майда электродлардан пайдаланады. Өзгериўшең электр майдан диэлектрофоретикалық күшти қурайды – ол үскенелер бойынша шаңды «қуўатуғын» толқын болып табылады. Системаның тийкарғы абзаллығы – ҳәрекетлениўши бөлеклердиң жоқ екенинде. Ол бәрқулла ямаса ўақты-ўақты менен оптика, қуяш панеллери, скафандрлар, радиаторлар ҳәм басқа да жерлердеги шаңларды тазалаўы мүмкин.
ӨзА