Командамыздың дәслепки жеңиси

Кеше Саудия Арабстанында 17 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында Азия чемпионатында топар ойынларына старт берилди.
Бул жарыстың «А» топарында қатнасып атырған Ислам Исмаилов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы биринши турда
Таиланд сайланды командасы менен ушырасып, оларды 4:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Республикамыз футбол жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, бул ойында тийкарғы қурамда қарақалпақстанлы Азизбек Еримбетов ҳәм Нурбек Сарсенбаев майданға түсип, 13-минутта Нурбек командамыздың екинши голын урыўға миясар болды.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында Садриддин Ҳасанов, Асилбек Алиев, Абубакир Шукуруллаевлар да өз есабына гол жаздырып қойды.
Енди сайланды командамыз 6-апрел күни 2-турда Қытай сайланды командасы менен ойнайды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы