Жеңилликлерден пайдаланыўшылардың саны артпақта

Мәмлекетимизде энергияны үнемлеўге ерисиўде “жасыл энергия”дан пайдаланыў әмелияты барған сайын кеңнен енгизилмекте. Мәмлекетимиз басшысының басламалары менен объектлерде қуяш панельлерин орнатыў жумысларын муўапықластырыў ўазыйпасы бажыхана уйымларына бириктирилген.
Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында дүзилген жумысшы топар ўәкиллери бул сапары Бозатаў районында болып, мәмлекетлик уйымлар, социаллық объектлер, исбилерменлик субъектлери ҳәм халықтың турақ жайларына орнатылған қуяш панельлериниң нәтийжелилигин үйренди.
Бозатаў районындағы Қусхана таў аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы К.Жақсыбаева өзиниң үйине 3 кВт. қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатқан. Шаңарағындағы электрден пайдаланыў ушын жумсалатуғын қаржыларының үнемлениўи менен бирге, аўысқан энергияны тармаққа сатыў арқалы қосымша дәрамат та көрип атырғанлығын атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары менен, қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын орнатқан ҳәм олардан пайдаланыўшы шахслар, олар пайдаланыўға тапсырылған күннен баслап үш жыл мүддетке мүлк ямаса жер салығы, сондай-ақ, артып қалған энергияны мәмлекетке сатыўдан алынған дәраматтан пайда салығынан азат етилиўи де белгиленгенин атап өтиў керек.



Жумысшы топар үйрениўлерин райондағы 20-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине орнатылған 10 кВт. қуўатлылықтағы, сондай-ақ, районлық Медицина бирлеспесине орнатылған 30 кВт. қуўатлылықтағы қуяш панельлериниң жағдайы ҳәм нәтийжелилигин үйрениў менен даўам еттирди.
Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасында жәми 1980 исбилерменлик субъектлерине 21,2 МВт. (мегаватт), 5190 хожалыққа 16,7 МВт. қуўатлылықтағы, 1144 социаллық объект ҳәм мәмлекетлик уйымларға 15,7 МВт. қуўатлылықтағы қуяш панельлери орнатылған.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги