Арал ултанындағы сексеўил және 5000 түпке көбейди

212

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң басламасы менен әҳмийетли экологиялық илаж өткерилди.

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети, оның Нөкис ҳәм Ташкент филиалларының басшылары, профессор-оқытыўшылары, тюторлар ҳәм студент-жаслар тәрепинен Мойнақ районында 5000 түп сексеўил нәли егилди.

Бул илаж “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде әмелге асырылған болып,  тийкарғы мақсет – экологиялық орталықты жақсылаў, Аралбойы аймағында жасыл майданларды көбейтиў ҳәм қоршаған орталықтың турақлылығын тәмийинлеў болып есапланады. Сексеўил өсимлиги шөл аймақлары ушын оғада әҳмийетли болып, ол топырақ эрозиясының алдын алыў, қум ҳәм шаң боранларын азайтыў және экологиялық турақлылықты сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе.




Илаж даўамында жоқары оқыў орынлары ўәкиллери биргеликте нәл егиў процесинде белсене қатнасып, қоршаған орталыққа болған итибар ҳәм жуўапкершиликти және де арттырды. Буннан тысқары, студент-жаслар өз билимлерин әмелиятта сынақтан өткериў имканиятына ийе болды. Сондай-ақ, районда өткерилген бул социаллық-экологиялық илаж студент-жаслардың қоршаған орталыққа болған жуўапкершилигин арттырыў менен бирге, оларды жәмийетлик жумысларға да ийтермелейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги