Қарақалпақстан бокси тарийхында жаңа қәдем: Медаль мүбәрек Мадияр!

221

Бразилияның Фос-ду-Игуасу қаласында өткерилип атырған бокс бойынша жәҳән кубоги жарысында бес салмақ категориясы бойынша ярым финал беллесиўлери болып өтти.

Усы беллесиўлер шеңберинде Париж-2024 Олимпиадасының қатнасыўшысы -90 кг салмақта Тўрабек Ҳабибуллаев ҳиндстанлы Вишалды, +90 кг да Жаҳонгир Зокиров қазақстанлы Даниял Сапарбайды, -50 кг да Асилбек Жалилов ҳиндстанлы Жадумани Манденгбамды, -75 кг да Фазлиддин Эркинбоев польшалы Михал Ярлинскиди жеңип финал жолламасын қолға киргизди.

Ал, қарақалпақстанлы жас боксши Мадияр Данияров болса, -60 кг салмақта майдан ийеси есапланған Луис Оливейраға жеңилип қалып, қола медалын қолға киргизди.

Әлбетте, бул жас боксшимиздиң халықаралық аренадағы дәслепки жарысы. Сонлықтан Мадиярдың ярым финалдағы жеңилисине қапа болыўға болмайды. Себеби, оның қолға киргизген қола медалы Қарақалпақстан бокси тарийхындағы туңғыш медаль болып табылады. Сонлықтан жерлесимизди ҳәм оның тренерлерин бул жетискенлиги менен қызғын қутлықлаймыз.

-Мадиярдың бул табысы республикамыздың барлық бокс жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи,-дейди тәжирийбели тренер Рашид Сейтов.-Себеби, республикамыз боксшилери ересеклер арасында көп жыллардан берли халықаралық жарысларда бундай табысқа ерискен жоқ едик. Бул жас боксшилеримиз ушын үлкен мотивация болды. Алдағы ўақытлары Мадияр ҳәм басқа да боксшилеримизден жаңа жеңислерди күтип қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы