Биргеликтеги ири жойбарлардың унамлы нәтийжелери көзге тасланбақта

195

Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарарына муўапық, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында “Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў” жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген.

Жойбар 2024-2026-жыллар даўамында әмелге асырылады ҳәм жети объектте бул бойынша жумыслар шөлкемлестирилип, оған жәми 25 млн. АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылған. Бүгинги күнде “МЕСМЕР-ЕАСТ” компаниясы тәрепинен Беруний районында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў шеңберинде жумыслар алып барылмақта.

Соның ишинде, Беруний районындағы суў тәмийнаты кәрханасының ҳәкимшилик имаратын реконструкциялаў, 3 суў бөлистириў объектин, суў резервуарын қурыў ҳәм реконструкциялаў, 1 суў жыйнаў объекти, 2 суў хлорлаў объекти, 87, 34 километрлик магистраль суў тармағы, 412, 218 километрлик пуқаралардың шаңарақларына суў тармағын тартыў, жәми 500 километрлик суў тармағын тартыў жумыслары әмелге асырылады. Сондай-ақ, 17 463 суў есаплағышларын орнатыў нәзерде тутылған.

Бүгинги күнде Беруний районындағы 23 мәҳәлледе суў тармақларын тартыў жумыслары алып барылмақта. Жойбар 2026-жылдың үшинши шерегинде жуўмақланыўы белгиленген. Нәтийжеде, райондағы 81 процент пуқараның шаңарақлары таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги