Тахтакөпирли пахтакешлер өз-ара мәсләҳәтлести

186

Тахтакөпир районындағы «Пишенлик-Тахта» фермер хожалығында шигит егисине бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Жуманазаров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм тараўға жуўапкер шөлкемлер, пахта кластери ҳәм фермер хожалықлары басшылары қатнасты.

Семинар даўамында шығып сөйлеўшилер тәрепинен шигит егисиниң сапалы усыллары ҳәм фермер хожалықлары итибар қаратыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтип, олардың алдағы ислерине табыслар тиледи.

-Быйыл 40 гектар жерге шигит егиўди режелестиргенбиз,-дейди Қылышбек Утебаев.-Соннан 21 гектар жерге пахтаның  қытай технологиясы сортынан, 19 гектар майданға С-4727 cортын егемиз.

Буннан соң, жақсы нийетлер менен атызларға дәслепки туқымлар тасланып, районда егис жумыслары баслап жиберилди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, быйылғы жылы Тахтакөпир районы бойынша жәми 3 мың 600 гектар майданға шигит егиў режелестирилген болып, бул жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў ушын 7 отряд дүзилип, оларға 610 техника ҳәм 89 техникалык хызметкерлер  бириктирилген.

Соннан 1610 гектар майданға қытай технологиясы сорты, 1990 гектар майданға С-4727 cортлары егиў режелестирилген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы