Мадияр Данияровтың ярым финалдағы қарсыласы белгили болды

207

Бүгин Бразилияның Фос-ду-Игуасу қаласында қаласында бокс бойынша өткерилип атырған жәҳән кубогинде ярым финал беллесиўлери болып өтеди.

Онда Өзбекстан сайланды командасының 5 боксшиси финал жолламасы ушын өз қарсыласлары менен беллеседи.

Атап айтқанда, Париж-2024 Олимпиадасы қатнасыўшысы Тўрабек Ҳабибуллаев -90 кг салмақта ҳиндстанлы Вишалға, +90 кг салмақта Жаҳонгир Зокиров қазақстанлы Даниял Сапарбайға, -60 кг да Мадияр Данияров бразилиялы Луис Оливейраға, -50 кг да Асилбек Жалилов ҳиндстанлы Жадумани Манденгбамға, -75 кг да Фазлиддин Эркинбоев польшалы Михал Ярлинскиге қарсы рингке шығады.

Беллесиўлер Ташкент ўақты менен саат 22:00 де басланады. Төрешилерден қалыслық күтип қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы