Жоқары мәртебели мийманлар Мырза Улығбек обсерваториясында болды

181

«Орайлық Азия – Европа Аўқамы»  биринши саммитине қатнасыў ушын елимизге келген Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм  Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен ханым бүгин Өзбекстан Бас министри А.Арипов пенен бирге Самарқанд қаласындағы Мырза Улығбек обсерваториясы ҳәм музейи менен танысты.

Жоқары мәртебели мийманларға уллы султан ҳәм илимпаз Мырза Улығбектиң мәмлекетлик ғайраткер ҳәм астроном сыпатындағы жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

XV әсирде қурылған обсерваторияның ҳәзирги ўақытта сақланып қалған бөлеги ҳәм музейдеги бийбаҳа экспонатлар, баҳалы мағлыўматлар мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Ҳәзир Европа кеңеси ҳәм Европа комиссиясы басшылары қаладағы басқа да тарийхый-мәдений естеликлер менен таныспақта.

ӨзА