Конституция – реформалардың ҳуқықый тийкары
Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 32 жыл толады. Өткен дәўир ишинде республикамыздың барлық тараўларында өзгерислер жүз берип, үлкен реформалар әмелге асырылды. Әлбетте, бул әмелге асырылған илажлардың ҳуқықый тийкары Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы болып есапланады. Конституция – халқымыздың сиясий-ҳуқықый көзқарасының жоқары көриниси. Ол пуқараларға ғәрезсиз, еркин ҳәм азат, тыныш ҳәм татыў жасаўдың нызамлы кепили болып хызмет етип келмекте. Конституция тийкарында мәмлекетимиздиң миллий нызамшылық системасы, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февраль күнги бес жылға мөлшерленген Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққындағы Пәрманы қабыл етилгеннен соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул ҳүжжет ҳәзирги ўақытта турмысқа избе-из енгизилмекте.
Бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжеси ең алды менен жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, елимиздиң тәғдири ҳәм келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға таяр жас кадрлар санын көбейтиў ҳәм жаслардың билимин жетилистириў менен тиккелей байланыслы. Бундай кадрларды таярлаўда Конституциямыздың орны ҳәм әҳмийети үлкен, себеби, әмелдеги нызамлар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер сол Конституция тийкарында қабыл етилип, жасларымыз ушын имканиятлар ҳәм қолайлылықлар жаратылып атыр.
Тийкарғы Нызам жаслардың келешегин және де беккем қурыўда таяныш болып, онда жазылған ҳәр бир сөз жүдә қәдирли ҳәм әҳмийетли есапланады. Ол пуқаралардың мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, әдил мийнет шараятларында жумыс ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықын береди. Конституцияда ҳуқық ҳәм еркинлигимиз, пуқаралық миннетлеримиз нызам жолы менен кепилленген. Атап айтқанда, оның 39-статьясында ҳәм бир инсан билим алыў ҳуқықына ийе болып, бийпул улыўма билим алыўға мәмлекет тәрепинен кепиллик бериледи. Мектеп иси мәмлекеттиң бақлаўында болады деп белгиленген болса, 40-статьясында ҳәр кимге илимий-техникалық дөретиўшилик еркинлиги, мәдений жетискенликлерден пайдаланыў ҳуқықы кепилленеди. Мәмлекет жәмийеттиң мәдений, илимий ҳәм техникалық раўажланыўына ғамқорлық етеди, деп көрсетилген. Жаслардың жәмийетлик турмысының түрли тараўларындағы бул ҳуқықлары Конституция тийкарында қабыл етилген көплеген нызамлар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен тәмийинленеди. «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам, Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы, «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы Нызамлар солардың қатарына киреди.
Президентимиз Ш.Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеўлериниң биринде мәмлекетимиз келешеги болған жасларға қарата «Уллы келешек бүгиннен басланады» деп исеним билдирген еди. Соның ушын да, елимиз жаслары Президентимиздиң, халқымыздың исенимин ақлап, мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған шараятлардан толық пайдаланып, өзлериниң күш-жигерин, билимин аянбай Ўатанымыздың раўажланыўына, оның дүнья жәмийетшилигиндеги орнын еле де беккемлеўге жумсаўы керек. Буның ушын жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў, оның ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў зәрүр.
Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый тийкары Конституция болып есапланар екен, оны қәдирлеўимиз ҳәм талапларына толық әмел етиўимиз керек.
М.ТУРАҚБАЕВ,
Нөкис қаласы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайының бас қәнигеси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги