Мақсет – жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў

176

Мәмлекетимиз басшысының басламалары тийкарында уйымлардың басшылары мәҳәллелерде кем тәмийинленген шаңарақлардың шараятларын жақсылаў бойынша экономикалық-социаллық илажларға жуўапкер етип белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары Н.Назарбаев Әмиўдәря районынан бириктирилген 5 шаңарақта болып, тийисли жуўапкерлердиң қатнасыўында райондағы “Кәмбағаллықтан – абаданлыққа қарай” принципи бойынша кәмбағаллық дәрежесин азайтыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў жумыслары ҳәр тәреплеме талланып, үйренилди.

Райондағы Жайҳун аўыл пуқаралар жыйыны жуўапкерлери менен биргеликте кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайынан хабар алынып, олардың жасаў шараятлары үйренилди. Пуқаралар менен сәўбетлесип, кәсип өнерге қәбилети ҳәм имканиятлары менен қызықты.

Бул мәҳәлледе жасаўшы жәми 2510 пуқара социаллық қорғаў реестрине киргизилген болып, усы күнге шекем 15 пуқара кәсип-өнерге үйретилип, тигиўшилик ҳәм тоқыўшылық курсларында оқытылған.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги