“Бүгинги күнниң исбилермен ҳаялы” көбеймекте

Кегейли районында өз исбилерменлигин раўажландырып атырған белсенди ҳаял-қызлардың жумысы менен жақыннан танысыў мақсетинде “Бүгинги күнниң исбилермен ҳаялы” жойбары шеңберинде шеберлик сабағы шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Н.Аметова, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутаты Б.Искендеров, ӨзЛиДеП районлық Кеңесиниң аппарат баслығы П.Байжанов ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты.
Илаж даўамында ҳаял-қызларды жумысқа жайластырыў, оларға жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде имарат қурыў ушын жер участкасы ажыратылыўына жақыннан жәрдем бериў сыяқлы пикир-усыныслар ортаға тасланды.
– Исбилерменлик жумысымды 2014-жылы 1 жумысшы менен баслаған болсам, бүгинги күнде олардың саны 10 нан аслам болып, районда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын гөззаллық салоны ҳәм тигиўшилик цехының жумысын алып бармақтамыз. Президентимиздиң басламасы менен жаратылған имканиятлар шеңберинде исбилерменлик жумысымды кеңейтиў ҳәм жумысшылардың санын 50 ге көбейтиўди режелестиргенмен, – дейди исбилермен Н.Тилеўмуратова.
Илаж даўамында қатнасыўшылар Назира Тилеўмуратованың гөззаллық салоны ҳәм тигиў цехында болып, онда жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.

Илаж соңында райондағы бир қатар исбилермен ҳаял-қызларға партияның естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги