Исбилермен ҳаял-қызларға имканиятлардың бир көриниси

Өзбекстанлы ҳаял-қызлардың исбилерменлик тараўындағы искерлигин хошаметлеў, қәбилетин жүзеге шығарыў, басшылық жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыў, бийғәрез бизнес ашыў бағдарындағы социаллық басламаларын қоллап-қуўатлаўға көмеклесетуғын “Исбилермен ҳаял” таңлаўына республикамыз бойлап старт берилди.
ӨзЛиДеПтиң ең ири жойбарларынан болған бул таңлаўдың дәслепки басқышлары ҳәзирги ўақытларда мәҳәллелерде болып өтпекте.
Тақыятас районы Дослық мәҳәллесинде усы таңлаўдың мәҳәлле басқышы болып өтти.
Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, сиясий процесслердиң мазмун-мәнисин ҳаял-қызлар арасында кеңирек үгит-нәсиятлаў, – дейди ӨзЛиДеП Тақыятас районлық кеңесиниң аппарат баслығы Қуўанышбай Аймуратов. – Соның менен бирге, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып атырған ҳаял-қызларымызды хошаметлеў де нәзерде тутылған. Илаж шеңберинде республиканың ең шетки аўылларына шекемги аймақлардағы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың арасында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.
Таңлаў шеңберинде өткерилген ушырасыўда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларды өндириске тартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында да сөз болды. Әсиресе, усы жылдың 19-март күни мәмлекетимиз басшысы исбилерменлер менен сәўбетинде тараўда ҳаял-қызлар ушын үлкен имканиятлар есигин ашқанын атап өтти.

Таңлаўда усы мәҳәлледе 2011-жылдан берли тигиўшилик пенен шуғылланып киятырған жеке тәртиптеги исбилермен Гүлсинай Атамуратованың жумысы төрешилер тәрепинен жоқары баҳаланды. Ол ҳәзирги ўақытта “Ҳаял-қызлар дәптери”ндеги 5 аўылласын жумыс пенен тәмийинлеген.
Жеңимпазға партияның диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги