Қытай Тайвань әтирапында шынығыў өткерип атыр

Пекин өз аймағы деп есаплайтуғын Тайвань әтирапында кең көлемли әскерий шынығыў баcлағанын жәриялады.
Халық азатлық армиясы Шығыс аймақ жаўынгерлик сәркардалығы баспасөз хаткери полковник Ши И әмелият қурғақлық, ҳаўа, теңиз ҳәм ракета күшлериниң қатнасыўында алып барылып атырғанын билдирди.
Шынығыў даўамында теңиз ҳәм ҳаўа урысына таярлық көриў, ҳәр тәреплеме үстинликке ерисиў, суў ҳәм қурғақлықтағы нышанға соққы бериў, сондай-ақ, әҳмийетли аймақлар, мәселен теңиз жолын қамал етиў ушын қараўыллық етиў тәкирарланады. Тийкарғы мақсет – армияның сәйкес жаўынгерлик имкнаиятын сынақтан өткериў.
-Шынығыў Тайвань ғәрезсизлиги тәрепдары болған күшлер ушын қатаң ескертиў ҳәм күшли тоқтатыўшы қурал ўазыйпасын атқарады, – деди Ши И. – Бул қытай суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаў ушын нызамлы ҳәм зәрүр илаж. Қытай АҚШтың Тайванды қоллап-қуўатлаўға қаратылған қәдемлерине жуўап ретинде, бундай әмелиятты турақлы түрде әмелге асырады.
Еслетип өтемиз, Пекин 2022-жылы АҚШ Ўәкиллер палатасы спикери Ненси Пелосидиң атаўға сапар етиўинен соң ири шынығыўлар шөлкемлестире баслады.
Шынығыўлар «Биргеликте қылыш» сырлы атамасы астында өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги