Дипломатиялық сөйлесиўлер бирге ислесиўдиң беккемлениўине хызмет етеди

Мүнәсибет
Соңғы жылларда Өзбекстанның сыртқы сиясатының әҳмийетли байланыс қуралына айланған парламент дипломатиясы ҳәм парламентлераралық байланыслар және де күшейип бармақта.
Өткен бес жыл ишинде мәмлекетимиз Парламентлераралық аўқам, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми парламент ассамблеяларына ағза болды. Сондай-ақ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң ҳаял-қызлар форумы, Орайлық Азия мәмлекетлериниң екинши парламентлераралық форумы сыяқлы абырайлы халықаралық илажларға басшылық етти.
2025-жыл 5-9-апрель күнлери Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясының Өзбекстанда өткерилиўи мәмлекетимиз ушын үлкен әҳмийетке ийе. Бул – халықаралық жәмийетшилик тәрепинен Өзбекстанда алып барылып атырған демократиялық реформалар ҳәм парламентаризмниң раўажланыўына берилген жоқары баҳа болып есапланады. Илажда 180 нен аслам мәмлекет, 15 бақлаўшы мәмлекет және 25 тен аслам халықаралық ҳәм парламентлераралық шөлкемлерден 2 мыңға шамалас делегат қатнасыўы күтилмекте.
Мәжилистиң тийкарғы темасы – “Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети” болып, онда кәмбағаллықты сапластырыў, мүнәсип мийнет шараятларын тәмийинлеў, социаллық инклюзия ҳәм тең ҳуқықлылық сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланады.
Илаж Өзбекстан парламентине халықаралық тәжирийбе алмасыў, реформаларды көрсетиў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў имканиятын береди. Қабыл етилиўи күтилип атырған декларация ҳәм басқа да әҳмийетли ҳүжжетлер болса парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, бул халықаралық көлемде Өзбекстан парламентиниң абырайы артып атырғанын ҳәм миллий нызам дөретиўшилиги және парламентлик қадағалаў тараўында арттырылған тәжирийбениң кеңнен тән алынып атырғанын тастыйықлайды.
Өзбекстанның Парламентлераралық аўқамға ағзалығы 2017-жылы қайта тикленгенинен берли мәмлекетимиз миллий парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыў тараўында үлкен тәжирийбе топлады. Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлер тәрепинен жоқары баҳаланбақта.
Ассамблея “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарламалар шеңберинде мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларды кең халықаралық жәмийетшиликке жеткериў ушын қолайлы платформа болып хызмет етеди. Мәжилис даўамында парламентлердиң 2030-жылға шекемги стратегияны әмелге асырыўдағы қатнасыўы, турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, инсан ҳуқықлары, гендер теңлиги, жаслардың имканиятларын кеңейтиў ҳәм климаттың өзгериўине қарсы гүресиўде парламентлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў сыяқлы мәселелер додаланады.
Өзбекстанда демократиялық реформалар менен сәйкес ҳалда экономикалық реформалар да избе-из алып барылмақта. 2023-жыл даўамында жалпы ишки өним 6,5 процентке өсип, 115 миллиард АҚШ долларына жетти. 2024-жылы бул көрсеткиш халықтың жан басына 3093 долларды қураған болса, 2025-жылы 3251 долларды қураўы күтилмекте. Жыллық инфляция 9,8 процентти қурады. Сырт ел инвестицияларының көлеми болса, 34,9 миллиард АҚШ долларына жетип, 1,6 есеге, таў-кән, нефть-газ, химия ҳәм аўыл хожалығы тараўларына қаратылған инвестициялар 2 есеге артты.
Улыўмаластырып айтқанда, Парламентлераралық аўқамның 150-ассамблеясының Өзбекстанда өткерилиўи – Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм сыртқы сиясат стратегиясының нәтийжелилигине халықаралық жәмийетшиликтиң жоқары исеними ҳәм тән алыныўының айқын дәлийли болып есапланады. Соның менен бирге, бул илаж мәмлекетимиздиң экономикасы ҳәм социаллық раўажланыўына унамлы тәсир көрсетип, халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.
Руслан Джумамуратов,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги