Мектеп жаңа заманагөй көриниске ийе болды

Басламалы бюджеттиң 2-мәўсиминде жеңимпаз деп табылған алыс аўылдағы мектеп заманагөй көриниске ийе болды.
Беруний районы Алтынсай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 43-санлы улыўма орта билим бериў мектеби 2009-жылы қурылған болып, 160 орынға мөлшерленген.
Ҳәзирги ўақытта бул мектепте 274 оқыўшы 2 сменада билим алып келмекте.
Мектепте 1 млрд 360 млн сум қаржы есабынан оңлаў жумыслары алып барылған. Мектепке қуяш панели орнатылып, ыссылық системасы қайта оңланған. Класс бөлмелерине жаңа есик ҳәм айналар орнатылып, сыртқы фасад бөлеги исленип, мектеп әтирапы темир пәнжере менен қоршалған, – деп мағлыўмат береди район Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.
Аўыл халқы жаратылған усындай мүмкиншиликтен оғада қуўанышлы. Енди аймақ жаслары барлық шараятларға ийе мектепте заман талапларына жуўап беретуғын дәрежеде билим алыў имканиятына ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги