Мадияр Данияров италиялы боксшини жеңди
200

Усы күнлери Бразилияның Фос-ду-Игуасу қаласында бокс бойынша Жәҳән кубоги жарыслары болып өтпекте.
Онда Өзбекстан сайланды командасының ағзалары табыслы қатнаспақта. Атап айтқанда, жарыстың екинши күни сайланды командамыз ағзасы Асилбек Жалилов шерек финалда қазақстанлы Нурзат Оңғаровты, 85 кг да Акмалжон Исроилов швейцариялы Леонид Беришаны 5:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Ал, сайланды команда қурамында туңғыш мәрте жәҳән кубогине қатнасып атырған жерлесимиз Мадияр Данияров 60 кг салмақта италиялы Мишель Бальдассиди 4:1есабында жеңип, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Боксшилеримизге келеси басқышта да әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы