Наманган менен бирге ислесиў кеңеймекте

185

Қараөзек районында Президентимиздиң басламасы менен аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қәўендер сыпатында бириктирилген Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Наманган ўәлаяты ҳәкими Шавкат Абдураззоқов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов пенен биргеликте Қараөзек районында соңғы ўақытлары ўәлаят ҳәкимлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысыў, аймақ халқы менен пикирлесиў мақсетинде, усы аймаққа барды.

Ең дәслеп олар районда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде 3 гектар майданда шөлкемлестирилип атырған «Наманган бағы»на терек нәллерин егиў илажына қатнасты.

Буннан соң делегация ағзалары Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги қәўендерлигинде Қараөзек АПЖ «Қарамойын» аўылында 80 орынға мөлшерленип қурылған 18-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде балалар ҳәм педагог-хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Соңынан мийманлар наманганлы инвесторлар тәрепинен Есим МПЖ аймағында қурылып атырған «Юксак саноат металл» ЖШЖ да болып, бүгинги күни кәрханада алып барылып атырған қурылыс жумысларының барысы менен танысып, жәмийет басшылары ҳәм қурылысшылар менен сәўбетлести.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, районда бой тиклеп атырған кәрхананың жойбар баҳасы 5,5 млн  доллар болып, ол жылына 24,4 мың тонна өним ислеп шығарады ҳәм 50 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Буннан соң делегация ағзалары Қутлы мәкан МПЖ да болып, аймақ халқы менен ушырасып, оларды қыйнап атырған машқалалар туўралы сәўбетлести.

Хызмет сапары даўамында Наманган ўәлаяты ҳәкими Шавкат Абдураззоқов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов пенен биргеликте районлық Мәденият сарайында районлық кеңес депутатлары, мәҳәлле жетилиги ҳәм аймақ белсендилери менен ушырасып, районды еле де раўажландырыў бойынша олардың усыныс ҳәм пикирлерин тыңлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги