Шымбайда егис мәўсими басланды

191

Шымбай районында усы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазы басланыўына байланыслы көргизбели семинар өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Кегейли, Нөкис районларының ҳәкимлери, тараўға жуўапкер шөлкемлер, пахта кластерлери ҳәм фермер хожалықлары басшыларының қатнасты.

Семинар даўамында шығып сөйлеўшилер тәрепинен мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм жаратылған кең имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Сондай-ақ, шигит егиўдиң сапалы усыллары ҳәм фермер хожалықлары итибар қаратыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпалар сөз етилди.

-Быйыл районымыз бойынша 5500 гектар жерге климат шараятымызға бейимлескен пахтаның «С-4727», «Шымбай-5018» сортларын егиўди режелестиргенбиз, -дейди Шымбай районы аўыл хожалығы бөлиминиң баслығы Илҳам Алламбергенов.-Егисти тез ҳәм сапалы жуўмақлаў мақсетинде, аймақларда 9 отряд дүзилип, оларға заманагөй арнаўлы техника ҳәм агрегатлар, тәжирийбели механизаторлар қатнастырылмақта.

Илаж даўамында семинар шөлкемлестириўшилери ҳәм аймақ жасы үлкенлери тәрепинен жақсы нийетлер менен атызларға дәслепки туқымлар тасланып, районда егис жумыслары баслап жиберилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы