Арнаўлы усыныснамалар тапсырылды

172

Мойнақ районы Мәденият үйинде район жасларының қатнасыўында мүддетли әскерий хызметти өтеп болған әскерлерге усыныснамалар бериў салтанаты өткерилди.

Илажға район ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм арнаўлы инженерлик-қурылыс басқармасы әскерий бөлими қәнигелестирилген тәбиятты тиклеў батальоны командири, капитан М.Каримовлар қатнасты.

Ҳәким Б.Менглибеков мүддетли әскерий хызметти өтеп болған әскерлерге Мойнақ районында әскерий хызметти өтеў дәўиринде ийелеген билим ҳәм көнликпелери алдағы турмысында беккем тийкар болып хызмет етиўине тилеклеслик билдирди.

Бул усыныснамалар Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарарына муўапық мүддетли әскерий хызметти өтеп болған әскерлердиң республикамыздың барлық жоқары оқыў орынларына бакалавриатқа оқыўға кириўинде тест сынақлары нәтийжелерине жеңилликлер берилиўине тийкар болады.



Илаж байрам кешесине айланып, концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги