Атыз жумысларына жәрдем көрсетилди

Елимизде социаллық қорғаўды мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириў, социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди комплексли қатнас тийкарында көрсетиў, халықтың аўыр социаллық жағдайға түсип қалыўының алдын алыў, сондай-ақ, социаллық қорғаўдың мәнзиллилигин ҳәм нәтийжелилигин арттырыў және халықтың жәрдемге мүтәж қатламы жағдайының жақсыланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң “Инсан” социаллық хызметлер орайларының социаллық хызметкерлер топарлары тәрепинен социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиўдиң жаңа системасы жолға қойылған.
Олар тәрепинен аўыр жағдайға түсип қалған ҳәм аўыр жағдайға түсип қалыў қәўпи жоқары болған шахслар ҳәм шаңарақларға қалыс жәрдем көрсетилип, бир қатар машқалаларының шешилиўинде унамлы нәтийжесин бермекте.
Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайының комплексли социаллық хызмет көрсетиўши қәнигеси Қалбай Исаков тәрепинен райондағы Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жалғыз жасаўшы пуқаралардан хабар алып, қыйтақ жерлерине егин егиў, абаданластырыў ҳәм терек нәллерин отырғызыў жумыслары шөлкемлестирилди.



Атап айтқанда, “Инсан” орайының хызметкерлери ҳәм мәҳәлле белсендилери биргеликте жалғыз жасаўшы пуқараларға жәрдем берип, олардың ҳәўлисин тазалаў, терек нәллерин отырғызыў ҳәм гүл егиў жумысларын алып барды.
Олар тәрепинен алып барылып атырған бундай жумыслар жалғыз жасаўшы пуқаралардың турмысын жақсылаўға, оларға мийрим-шәпәәт ҳәм ғамқорлық көрсетиўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Бул олардың өмирлерине қуўаныш алып кириўге хызмет етеди.
Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары Қ.Исаков ҳәм “Инсан” орайы хызметкерлерине миннетдаршылық билдирди.
Әлбетте, усындай басламалар жәмийетимизде инсаныйлық ҳәм мийрим-шәпәәт руўхын беккемлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги