Азанғы денетәрбия илажына мыңнан аслам адам қатнасты

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бүгин ерте таңнан профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың қатнасыўында азанғы дене шынықтырыў илажы шөлкемлестирилди,-деп хабар бермекте, институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Шынында да, инсан өз имканиятларынан келип шығып, спорт пенен шуғылланып, денесин шынықтырып турса денсаўлығы ушын оғада пайдалы есапланады. Әсиресе, ҳәр күни азанда 15-20 минутлық дене шынығыўы ямаса 40-60 минут даўамында ашық ҳаўада пияда жүриў оғада пайдалы.
Соңғы жылларда елимизде халқымыз арасында саламат турмыс тәризин енгизиў, ғалабалық спортты кең түрде үгит-нәсиятлаў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, физикалық жақтан жетик, саламат әўладты тәрбиялаў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасының «Дене тәрбия ҳәм спорт ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстанда дене тәрбия ҳәм спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып өткерилген илажға институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларынан ибарат 1000 ға шамалас адам қатнасты.
Атап өтилгениндей, Уллы бабамыз Әбиў Әли ибн Синаның: «Дене шынықтырыў – денсаўлықты сақлаўда нәтийжели усыл есапланады» деген ҳикмети ҳәр биримиздиң өмирдеги уранымызға айланса ғана келешек әўладларымыздың кәмил инсан болыўына тийкар жаратқан боламыз.
Институтта жақында пайдаланыўға тапсырылған заманагөй спорт комплекси ҳәм үлкен спорт майданы усы мақсетлерге ерисиў ушын тийкарғы база болып хызмет етпекте.






Институтта ғалабалық спорт илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги