Бозатаўда жоңышқа егиси басланды

184

Мал шарўашылығын раўажландырыўда от-жем базасының тутқан орны айрықша. Әсиресе, Қарақалпақстан шараятында жоңышқа дақылын егип, оны жетистириў оғада пайдалы болып есапланады. Сонлықтан соңғы жыллары елимизде жоңышқашылықты еле де раўажландырыў ҳәм усы арқалы мал шарўашылығы ушын беккем от-жем базасын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мал шарўашлығына қәнигелескен Бозатаў районындағы «Тилеўназар Махсым» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жер майданында жоңышқа егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти.

Көргизбели семинарға район ҳәкими Б.Уббиниязов, республикадан бириктирилген ўәкиллер ҳәм райондағы шарўашылық фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары басшылары қатнасты.

Семинарда район ҳәкими Б.Уббиниязов ҳәм басқалар жоңышқа туқымын егиў технологиясы, егислик майданлары, оған қатнасатуғын техникалар ҳәм агрегатлардан нәтийжели пайдаланыў бойынша кең түрде түсиниклер берди.

-Быйыл 30 гектар жерге жоңышқа егиўди режелестиргенбиз,- дейди «Тилеўназар Махсым» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Ақназар Сейтбеков.-Бул өсимликти күнниң салқын гезлери екпесең, ыссы да күйип кетеди. Сонлықтан жәмийетимиз ағзалары менен бәҳәрдиң усындай қолайлы күнлеринен өнимли пайдаланыўға ҳәрекет етип атырмыз. Несип етсе, тез арада жоңышқаны сапалы егиў жумысларын жуўмақлаймыз. Буның ушын бизде барлық имканият ҳәм мүмкиншиликлер бар.

Соңынан семинар қатнасыўшылары жоңышқа егиў ушын таярланған жер майданына жақсы нийетлер менен туқым таслады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы