“Халыққа жәрдем – жоқары қәдирият” атамасында коучинг болып өтти

194

Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң басламасы тийкарында мүрәжатлар көп болған мәҳәллелерде “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен “Халыққа жәрдем – жоқары қәдирият” атамасында коучинг шөлкемлестирилди.

Усындай илаж Төрткүл районы «Өзбекстан» аўыл пуқаралар жыйынында да өткерилди. Буннан гөзленген мақсет – «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы пуқаралар тәрепинен жолланып атырған ең көп мүрәжатлар бойынша түсиниклер бериў болып табылады.

Төрткүл районында өткерилген илажда социаллық карталар, санаторийлерге жоллама алыў, “Сақаўат ҳәм көмек” қорының қаржылары есабынан жәрдем көрсетиў, майыплығы болған шахсларды реабилитациялаўдың техникалық қураллары менен тәмийинлеў ҳәм күндизги күтим хызмети бойынша қәнигелер тәрепинен кең түрде түсиниклер берилди, – деп мағлыўмат береди Төрткүл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Сондай-ақ, илажда орай психологи тәрепинен руўхый турақлылық бойынша сабақлар өткерилди.

Пуқаралар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелер тәрепинен жуўап алды. Усы арқалы олар барлық керекли мағлыўматларға ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги