Халқымыз қәдириятлары даўам етпекте

183

Шымбай районы Мәденият бөлиминде район аймағындаги аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары арасында «Ҳаял-қәдириятлар даўамшысы» атамасындағы таңлаўдың районлық басқышы болып өтти.  

Таңлаўды район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Мамбетниязова кирис сөз бенен ашып, ҳаял-қызлардың жәмийетимиздеги белсендилиги, гендер теңлик мәселелери ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Өткерилген таңлаўда қатнасыўшылар белгиленген 3 шәрт тийкарында өз-ара беллесип, олардың шеберликлери тәжирийбели төрешилер тәрепинен мүнәсип баҳаланып барылды.

Онда қатнасыўшы ҳаял-қызлар халқымыздың миллий үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин, олардың тәрбиялық әҳмийетин көрсеткен ҳалда өз шеберликлерин жыйналғанлардың итибарына усынды ҳәм тамашагөйлердиң алғысына миясар болды.





-Аўылымызда дүзилген Қызылөзек ҳаял-қызлар өнермент топары менен биргеликте, ҳәўжар, бесик жыры, миллий тағамларымыз ҳәм буйымларымыздың таярланыў усылларын илаж қатнасыўшылары нәзерине усынып, таңлаўда биринши орынды ийелеўге миясар болдық,-дейди Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Эльза Абдижамилова .

Таңлаўда қатнасқан жәмәәтлер район ҳәкимлигиниң арнаўлы диплом ҳәм саўғалары менен сыйлықланып, жеңимпаз деп табылған Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар жәмәәти таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы