Депутатлар ҳәм исбилерменлер форумы

187

ӨзЛиДеП Қараөзек районлық Кеңеси тәрепинен “Депутатлар ҳәм исбилерменлер менен пикирлесиў” форумы шѳлкемлестирилип, онда жергиликли  Кеңес депутатлары,  Өзбекстан  Саўда-санаат палатасы районлық  бѳлими, коммерциялық банк ўәкиллери, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўына тосқынлық етип ҳәм еркинлигин шеклеп атырған бир қатар машқалаларды турақлы түрде  системалы үйренип барыў ҳәм оларды сапластырыў,  сондай-ақ, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыўдың баслы дереги болған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў бойынша орынларда топланып қалған машқалаларды үйренип, оларды сол жердиң өзинде шешиў илажларын көриў бойынша мәселелер сөз етилди.


Форум даўамында исбилерменликти енди басламақшы болған ҳаял-қызлар ҳәм жаслар, исбилерменлик субъекти ўәкиллери өзлериниң пикир- усынысларын билдирип өтти.

 

                                                                          Қарақалпақстан хабар агентлиги