Көпшилик исбилермен жеңилликлерден утымлы пайдаланбақта

214

Президентимиз тәрепинен қарақалпақстанлы исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлар тийкарында Хожели районында өз исбилерменлигин раўажландырып атырған белсенди исбилерменлердиң жумыслары менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Дәслеп қатнасыўшылар районда жумыс алып барыўшы өнермент Азамат Избергеновтың шаңарағында болып, оның жумыслары менен жақыннан танысты. А.Избергенов 20 жылдан аслам ўақыттан берли ағаштан өнерментшилик ҳәм тутыныў буйымларын соғыў менен шуғылланады. Өнермент тәрепинен таярланған бесик, адақ арба, балалар аткөншеги ҳәм басқа да буйымларға қызығыўшылық билдирген қарыйдарлар саны күн сайын артып атыр.

А.Избергенов өмирлик жолдасы менен биргеликте республикамызда шөлкемлестирилген бир қатар өнерментшилик бойынша өткерилген көргизбе-ярмаркаларына белсене катнасып келмекте.

Буннан соң ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери «Cake Bumer» брендиниң тийкарын салыўшысы, исбилермен Махира Мамутованың жумыслары ҳәм кәрханасында жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.

«Cake Bumer» шаңарақлық кәрханасы өз жумысын 2007-жылдан баслаған болып, кондитер өнимлерин таярлаў менен шуғылланады. Дәслеп 1 жумысшы менен өз жумысын баслаған бул кәрханада бүгинги күнде 100 ден аслам пуқараның турақлы бәнтлиги тәмийинленген. Соннан 30 дан асламы миграциядан қайтқан пуқаралар болса, 80 % ти ҳаял-қызларды қурайды. Сондай-ақ, кәрхананың Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районларында филиаллары болып, мазалы кондитер өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм сапалы хызмет көрсетиў менен шуғылланбақта.

Исбилермен М.Мамутоваға Президентимиздиң арнаўлы пәрманы негизинде Хожели районы орайынан инвестиция киргизиў шәрти менен тиккелей жер орыны ажыратып берилди. Усындай жеңиллик нәтийжесинде «Cake Bumer» шаңарақлық кәрханасының жумыслары және де кеңейип, алдағы ўақытта қосымша 50 ден аслам жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлиги тәмийинлениўи режелестирилген.

Пресс-тур даўамында журналистлер кәрханадағы өндирислик жумыслар ҳәм елимизде исбилерменлерге жаратылған шараятлардың тиккелей гүўасы болды. Қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына ҳәр тәреплеме, толық жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги