Агротехникалық илажлар – өнимдарлықты арттырады

185

Зүрәәттиң берекетли болыўын жақсы нийетлер менен баслаған дийқанларымыз Беруний районында плёнка астына шигит егиўди баслады.

“Beruniy cluster” ЖШЖ ға қараслы егислик майданында әмелге асырылып атырған жумыслар шеңберинде көргизбели семинар өткерилип плёнка астына шигит егиў усыллары көрсетилип, қәнигелер тәрепинен тийисли мағлыўматлар берилип абзаллықлары атап өтилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Тешаев шығып сөйлеп, бул бағдарда әмелге асырылатуғын жумысларға кеңнен тоқтап өтти.

Илажда техникалардан нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды орнатыў, жетистирилетуғын өнимге өз ўақтында агротехникалық илажларды қолланыў ҳәм шигит егиў мәўсиминде қатнасатуғын механизаторларға атыз басында шараятлар жаратып бериў бойынша әҳмийетли тапсырмалар берилди.

Мағлыўмат ушын, 2025-жылғы егислик мәўсимде Беруний районында 8500 гектар майданға шигит егиў режелестирилген болып, атап айтқанда, сырт ел сортлары, “Султан” сорты, “Бухара” сортларының егилиўи белгиленген.

Көргизбели семинарда қатнасқан фермерлер менен биргеликте атыз майданына шигит туқымлары егилди.




Қарақалпақстан хабар агентлиги