Орайдың материаллық-техникалық базасы беккемленбекте

Республикалық қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медицина орайының психиатрия хызмети бойынша Қарақалпақстан Республикасы филиалына ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын медиа-тур шөлкемлестирилди.
Дәслеп ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилип, онда филиал директоры орынбасары Зухра Мадреймова филиал тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, Республикалық қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медицина орайының психиатрия хызмети бойынша Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў бойынша қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўы тәмийинленип, емлеў-профилактикалық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм денсаўлықты сақлаўды раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў бойынша белгиленген илажлар даўам еттирилмекте.
Илажда қатнасыўшылар орайда жаратылған шараятлар менен бөлимлердеги заманагөй технологияларды көрип, оларға наўқасларды емлеў ушын қолланылып атырған усыллар туўралы мағлыўматлар берилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги