Халықлар дослығы-абадан турмысымыздың тийкары

Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойында Халықлар дослығы байрамы өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимизде кең түрде даўам етип атырған «Наўрыз» әййямы, мүбәрек Рамазан ҳайыты ҳәм бүгинги аўызбиришилик, дослық байрамы менен қызғын қутлықлады.
Бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллетлераралық татыўлықты беккемлеўге, халықлар арасында өз-ара аўызбиршиликти тәмийинлеўге, олардың арасында кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын жəне де күшейтиўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек.
Тәжикстанның Хоженд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Президентлариниң қатнасыўындағы тарийхта туңғыш мәрте үш тәреплеме өткерилген саммит буның айқын дәлийли бола алады. Әлбетте, бул саммит қоңсылас мәмлекетлер менен регионаллық шерикликти беккемлеўге әҳмийетли қәдем болып, Орайлық Азияда қәўипсизлик, турақлылық ҳәм абадан турмысты тәмийинлеўге хызмет етеди.
Соны айрықша атап өтиўимиз керек, бүгинги күни елимизде түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери татыўлықта жасап, мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында өзиниң мүнәсип үлеслерин қосып келмекте. Хожендте өткерилген саммит пенен үнлес өткерилген Дослық байрамы әне, усындай дослық ҳәм аўызбиршиликти буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта республикамызда рус, украин, қазақ ҳәм түркмен миллий мәдений орайлары менен бир қатарда корейслер ассоциациясының жумысы жолға қойылған.
Көп миллетли халқымыз бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, елимизди раўажландырыў жолында нәтийжели мийнет етип келмекте.
Өткерилген байрам салтанатында көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң атқарыўында халықлар дослығын жырлаўшы концерт бағдарламасы илаж қатнасыўшылары нәзерине усынылып, бул илажға көтериңки кейпият бағышлады.









Қарақалпақстан хабар агентлиги