Бас мақсет – халықтың турмысын жақсылаў

313

Қарақалпақстан Республикасында соңғы жылларда тараўларды раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды нәтийжели иске қосыў, киши бизнести раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Норбоева усы бағдардағы жумыслардың барысы, халықты қыйнап киятырған машқалалар менен танысыў мақсетинде республикамызға хызмет сапары менен келди.

Сапардың дәслепки илажлары Төрткүл районынан басланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаеваның Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде Төрткүл районындағы Мәденият сарайында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мәселелери бойынша мәжилис өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, сондай-ақ, барлық район, қала студияларынан видео байланыс арқалы тараў басшылары, жуўапкерлер, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары қатнасты.

Мәжилисте Т.Нарбаева шығып сөйлеп, Коррупцияға қарсы гүресиў миллий Кеңеси ҳәм оның аймақлардағы бөлимлери, Парламент палаталарында қәнигелестирилген комитетлер тәрепинен алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий Кеңеси ағзаларынан дүзилген жумысшы топар республикамызда болып тараўлардағы коррупциялық жағдайлардың барысын үйренгенинде бир қатар кемшиликлердиң анықланғанын сын көзқараста талқылап өтти.

Мәжилисте бүгинги күнде орынларда коррупцияға қарсы гүресиў, коррупциялық жағдайлардың ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда жол қойылған қәте-кемшиликлер, билимлендириў, медицина ҳәм басқа да тараўларда жүз берип атырған жынаятлар, профилактикалық илажлардың нәтийжели алып барылмай атырғаны сыяқлы әҳмийетли мәселелер сынға алынып, пикир-усыныслар билдирилди.

Республика арнаўлы жумысшы топары тәрепинен анықланған кемшиликлер атап өтилип, шығып сөйлеўшилер тәрепинен машқалаларға кең түрде тоқталып, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм болдырмаў бойынша мәҳәллениң өзинде системалы түрде жумыс алып барылыўы керек екенлиги айрықша атап өтилди. Мәжилисте сондай-ақ, өз ўазыйпасын орынлаўда кемшиликлерге жол қойған айырым басшылардың лаўазымына ылайықлығы мәселесин үйренип шығыў бойынша тапсырмалар берилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Соң Сенат Баслығы Төрткүл районындағы мәҳәлле белсендилери менен ушырасты. Усы мақсетте Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен бирге Төрткүл районындағы «Беруний» мәҳәллесине барды.

Бул жерде ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў ҳәм «социаллық профилактика» системасының шөлкемлестирилгенлиги, ҳуқықбузарлықлардың ерте алды алыныўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылған мәнзилли илажлар «жол карталары»ның орынланыўы, сондай-ақ, аўыр ҳәм оғада аўыр және шаңарақ-турмыс шеңбериндеги жынаятлардың жүз бериўине себеп болып атырған факторлар ҳәм жуўапкер уйымлар тәрепинен оларды сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар көзден өткерилди.

Белсендилер менен жақыннан пикирлесип, мәҳәллени қызыл категориядан шығарыў, пуқаралардың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарында пикир-усыныслар тыңланды.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Беруний районына да барып, бул райондағы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумыслар менен танысты. Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен бирге райондағы «Бирлик» мәҳәллесинде жасаўшы баба дийқан, үлгили қыйтақ жер ийеси Ю.Наримбетовтың шаңарағында мийманда болды.

Әзелден тәжирийбели дийқанлар ели болған Беруний районы мийнеткешлери еле қыс жуўмақланып үлгерместен қыйтақ жерлеринде быйылғы мәўсим ушын таярлықларды баслап жиберген. Ю.Наримбетов үй алды қыйтақ жеринен жылына үш мәрте өним алыўды жолға қойған усындай инсанлардың бири. Ол 31 сотих жериндеги ыссыханаларында овощ, палыз егинлериниң нәллерин жетистирип, республикамыздың барлық районларына, сондай-ақ, Бухара, Хорезм ўәлаятларына да жеткерип бериўди жолға қойған. Күтилип атырған нәтийжелер де мийнетке жараса – быйыл қыйтақ жерден 500 млн. сум дәрамат алыўды режелестирген. Мәўсимлик 10 жумысшының да бәнтлиги тәмийинленген.

Сенат Баслығы дийқан менен жақыннан пикирлесип, оның напақада болыўына қарамастан еле мийнетсүйгишлик пенен қыйтақ жеринде жумысларды нәтийжели шөлкемлестиргени көпшиликке үлги болыўы кереклигин атап өтти.

Буннан соң Сенат Баслығы «Тоқымашы» мәҳәллесиндеги «RAYHON APPAREL» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумыслары менен жақыннан танысты.

Улыўма жойбар қуўатлылығы 28,5 млрд. сум болған кәрханада жылына 5 млн. дана 15 түрдеги трикотаж кийим-кеншеклер тигиледи. Өнимлер тийкарынан экспортқа бағдарланып, ҳәзирги ўақытта 500 жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Т.Нарбаева кәрхана жумысшылары, сондай-ақ, бул жерде тәжирийбе арттырып атырған қызлар менен жақыннан пикирлести.

 

 

Сенат Баслығы Нөкис қаласында жаслар менен ушырасып, буннан соң сүмелек сейилинде қатнасты.

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Өзбекстан велосипед спорты федерациясы баслығы Т.Нарбаева Қарақалпақстанлы жас велоспортшылар менен ушырасты.

Жаслар менен ушырасыўда бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен барлық тараўлар қатарында спортты раўажландырыў, елимиз байрағын дүньяға танытатуғын спортшыларды жетилистирип шығарыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған итибар айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстан велосипед спорты федерациясы Қарақалпақстан бөлимине Президент саўғасы – арнаўлы автотранспорт, бир топар жасларға спорт велосипедлери тапсырылды.

Қарақалпақстанға сапары даўамында Сенат Баслығы Т.Нарбаева Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен биргеликте Нөкис қаласындағы Боз аўыл мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан мәҳәлле сервис компаниясының жумыслары менен де танысты. Үй шараятында дәрамат табыў бағдарында шөлкемлестирилген жумыслар көзден өткерилип, мәҳәлле белсендилери менен халық пенен бирге ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сәўбетлести.

Сенат Баслығы буннан соң аймақ турғынлары менен жақыннан пикирлесип, елимизде кең түрде белгиленип атырған, кеңпейиллик ҳәм жақсылық тымсалы болған Наўрыз байрамы шеңберинде сүмелек сейилинде қатнасты ҳәм өзиниң жақсы тилеклерин билдирди.

Сапар шеңберинде коррупциялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәселелери де кең түрде талқыланды. Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева Министрлер Кеңесинде шөлкемлестирилген Социаллық-сиясий жағдай штабының жумыслары, сондай-ақ, коррупцияның алдын алыў бағдарында санластырыў жумысларының алып барылыўы менен танысты.

Атап өтиў орынлы, арнаўлы штаб тәрепинен бүгинги күнде халқымыздың тиккелей кеўил-кейпиятына кери тәсирин тийгизип атырған мәселелер, ушырасып атырған түрли машқалалар турақлы түрде үйренилип барылыўы жолға қойылған болып, бул машқалалар қадағалаўға алынбақта ҳәм шешимин табыў бойынша тийисли илажлар өз ўақтында көрилмекте.

Соның менен бирге, билимлендириў, базар хызметлерин усыныў сыяқлы айырым тараўларда ушырасып атырған коррупциялық жағдайлардың алдын алыў мақсетинде санластырыў жумысларының жеделлестирилиўи, бул бойынша зәрүр илажлардың алып барылыўы, сондай-ақ, коррупцияның алдын алыў бойынша Аймақлық кеңес тәрепинен арнаўлы ислеп шығылған жаңа патформа, нызам ҳүжжетлери менен байланыслы арнаўлы усыныслар презентациясы таныстырылды.

Буннан соң, ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша белгилеп алынған тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў мәселелери белсенди ҳаял-қызлар ҳәм жуўапкерлердиң қатнасыўында кең түрде додаланды.

Өткерилген илаж даўамында жыллар даўамында ҳүжжетлери жоқлығы себепли турмыслық қыйыншылықларға дус келип жүрген республикамыз аймағында турақлы жасап келген 31 пуқараға Президентимиздиң пәрманы менен пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.