Ҳәр байрамда жақсы нийет иске аспақта

333

Жылдағыдай Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтындағы «Наўрыз»ға бағышланған илажлар кеминде бир-еки күн даўам етеди. Быйылғы байрам илажлары да сүмелек сейили менен басланды. 27-март күни институттың 1-санлы студентлер турақ жайы алдында «Наўрыз» улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен сүмелек сейили болып өтти.

Институт ректоры Қувондиқ Қодиров ҳәм ректорат ўәкиллери, сондай-ақ, жасы үлкен профессор-оқытыўшылар байрам сейилине қатнасып, бәршени улыстың уллы күни менен қутлықлады.

Үлкен қазанларда қайнатылып атырған байрам тағамы – сүмелек былғап, шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди.

Усы күни байрам сейили «Nawrız Party» кешеси менен даўам етти. Студент-жаслар байрам мүнәсибети менен өткерилген кешеде жағымлы намалар астында ойнап-күлип, бир-бирин байрам менен қутлықлап кеўилли ҳәм мазмунлы дем алды.

Усы күни байрамға бағышланып өткерилетуғын үлкен илажға таярлықлар да көрилди.

Бүгин институттағы Наўрыз сейиллери жақсы нийетлер менен басланып, сейилде Наўрыз тағамы болған сүмелек қайнатылған үлкен шүлен қазанлар жасы үлкен устазлардың басшылығында ашылып, жақсы нийетлер тиленди. Сондай-ақ, институт жәмәәти, студент-жаслары ҳәм сейил мийманлары ушын байрам тағамларын таярлаўға кирисип, байрам илажлары басланып кетти.

Институт спорт майданшасында студент-жаслардың ҳәм аймақ турғынларының қатнасыўында миллий спорт ойынларымыз болған ләңки тебиў, арқан тартысыў, тас көтериў, гүрес, қол тиреси бойынша жарыслар өткерилип жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленип барылды.

Институттың бас оқыў бинасы алдында Наўрыз улыўма халықлық байрамына бағышланған «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» атамасындағы байрам сейили ҳәм театрластырылған музыкалы-хореографиялық концерт бағдарламасы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң ўәкиллери, жоқары оқыў орынларының басшылары, белгили зиялылар, илимпазлар, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар, сондай-ақ, институт әтирапындағы мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Байрам илажында институт ректоры Қ.Қодиров шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшылар ҳәм мийманларды улыстың уллы күни, шығыс халықларының жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы, мың жыллардан берли руўхый турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланған – Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында жоқары билимлендириў тараўын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери, әсиресе, соңғы жылларда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының материаллық-техникалық базасын жетилистириў мақсетинде исленип атырған қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары, усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырған институт студент-жасларының қолға киргизип атырған табыслары айрықша атап өтилди.

Быйылғы оқыў жылының өзинде пединститут жаслары арасынан 2 Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм 15 атақлы мәмлекетлик стипендиялар таңлаўлары, сондай-ақ, 13 Әжинияз Қосыбай улы атындағы стипендия таңлаўы жеңимпазларының жетисип шыққанлығы, сондай-ақ, спорт тараўында бирнеше мәрте жәҳән, Азия бириншиликлери, Өзбекстан чемпионатларының және әдебият, көркем өнер, мәденият тараўлары бойынша Зульфия атындағы, сондай-ақ, «Ниҳол», «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлықларының ҳәм бирнеше халықаралық таңлаўлардың, пән олимпиадаларының жеңимпазлары усы дәргайда билим алып атырғанлығы кеўиллерде мақтаныш сезимлерин оятады.

Өткен жыл педагогикалық институт тарийхында үлкен ўақыяларға, унамлы өзгерислерге толы жыл болды. Мәмлекетимиз басшысының тиккелей итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде мәмлекетлик бюджет есабынан 76 миллиард сум қаржы ажыратылып, заманагөй типте қурып питкерилген 2 мың орынлық жаңа оқыў имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы республикамыздағы туңғыш билим дәргайының 90 жыллық торқалы тойына мүнәсип байрам саўғасы болды.

Жаңа оқыў имаратында заманагөй оқыў ҳәм лекция аудиториялары, ең соңғы техника ҳәм технологиялар менен үскенеленген лабораториялар, IT-инкубация, мәлимлеме-ресурс орайлары, регистратор офиси ҳәм басқа да көплеген имканиятлар жаратылған.

Президентимиздиң «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық институтқа аты берилген уллы шайырдың юбилейи республикалық ҳәм халықаралық көлемде кең түрде белгиленди.

Әсиресе, Президентимиздиң басламасы менен бул сәне ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық көлемде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилгенлиги халқымызды шексиз қуўанышқа бөледи.

Юбилей шеңберинде институтта Әжинияз музейи шөлкемлестирилип, республикалық ҳәм халықаралық илимий-әдебий илажлар жоқары дәрежеде өткерилди.

Театрластырылған концерт бағдарламасында институттың «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли, «Сый перде», «Дугоналар», «Тараннум» ҳәм басқа да ансамбльлери, «Туран» театр-студиясы, сондай-ақ, бир топар талантлы студентлер, институт питкериўшилери тәрепинен миллий үрп-әдетлер, дәстүрлер сәўлеленген сахналық көринислер, қосықлар, аяқ-ойынлар атқарылып, миллетлер аралық татыўлықты жырлайтуғын қарақалпақша, өзбекше, қазақша, түркменше, қырғызша, русша, соның менен бирге, классикалық қосықлар атқарылды ҳәм жыйналғанларға байрам кейпиятын инәм етти.

Улыўмаластырып айтқанда, ҳәр жылдағыдай быйыл да Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти улыстың уллы күни – Наўрыз байрамын жоқары кейпиятта белгиледи.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги