Китапқумарларға сырлы саўға
Бир қатар мәмлекетлик уйымларда басшылық лаўазымларында жумыс ислеген, жәмийетлик белсенди – Мэлс Қосназаров өзин жазыўшылық саласында да сынап көриўге қарар етпекте. Бул ҳаққында ол өзиниң Facebook бетинде жазады. Онда автор балаларға арналған “Марат и тайна облачного мира» (Марат ҳәм бултлы дүнья қупыясы) атамасындағы дәслепки китабы рус тилинде “Билим” баспасында жарық көргенин жазады.
Бул гүрриң Марат атлы кишкене баланың басынан өткергенлери ҳаққында болып, планетамыздың ҳеш ким билмейтуғын сырлары бар екенлигин сүўретлейди. Бултлар арасында жеримизди ҳәр қыйлы апатлардан сақлаўшы сырлы мақлуқлар жасайды. Олардың күшлери таўсылмақта ҳәм жер тәбиятын қорқынышлы бүлгиншиликлер күтпекте. Буның алдын алыў ушын адамлар планетаны қорғаўға күш салыўы тийис екени сүўретленген.
Итибарлысы, китапты сатып алған адамға еле китап баспасы индустриясында қолланылмаған бонус түрлери усынылады.
Биринши бонус – бул китаптың арқа тәрепиндеги санлар. Қарыйдар бул санларды китапта көрсетилген электрон мәнзилге жиберип өзиниң атынан Мойнақ районы аймағында сексеўил егилиўине ерисе алады, яғный оқыўшы районды көгалландырыўға үлес қоса алады. Буның ушын аты ҳәм фамилиясы, жасайтуғын мәнзили ҳәм телефон номери көрсетилиўи керек. Сексеўил туқымы егилгеннен соң оқыўшыға видео есабат жибериледи.
Екинши бонус китаптың өзине жайластырылған, яғный китапта сексеўилдиң туқымлары бар. Бул туқымларды қарыйдар өзи жасап турған жерге ямаса имканияты болса, Мойнаққа барып егип қайтса болады. Китапқа қоса сексеўил егиў бойынша толық жол-жоба да бериледи. Усының менен китап сатып алған пуқара «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда ийгиликли басламаларға да қатнаса алады.
М.Игиликова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги