Сахнаны дүр силкиндирген «Шуғла»

Соңғы ўақытларда байрам концертлеринде, телекөрсетиўлерде ҳәм социаллық тармақларда қарақалпақ халқының миллий ойынларын атқарып, халқымыздың нәзерине түсип киятырған Тақыятас районы 7-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң «Шуғла» ансамбли усы жылдың 26-27-март күнлери Бухара қаласында болып өткен жас талантлардың «Бухора садолари» атамасындағы республикалық таңлаўында қатнасып, сыйлы биринши орынды қолға киргизди.
Жас қосықшы Меҳрибан Тилеўмуратованың атқарыўындағы «Шабандоз» қосығына сахнаны дүр силкиндирип, тамашагөйди өзине тартқандай етип шаққанлық пенен аяқойынды атқарған ансамбль ағзаларын төрешилер биринши орынға ылайық деп баҳалады.
Ансамбль буннан алдында да елимиздеги ҳәм халықаралық таңлаўларда қатнасып, сыйлы орынларды жеңип алыўға миясар болды. Атап айтқанда 2021-жылы ноябрь айында Қазақстан Республикасының “ART SILK WAY” таңлаўында қатнасып ең жоқары сыйлық гран-при, сол жылдың май айында Өзбекстан Республикасының «Шарх атир гули» атамасындағы таңлаўда биринши орынды ийелеп, фестивалда «Ең жақсы ойын» номинациясына ылайық деп табылды. Сондай-ақ, 2021-жылы Тақыятас районы ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги тәрепинен өткерилген «Сыйлықлаў 2022» кешесинде «Халықаралық таңлаўлардағы хызмети ушын» номинациясы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, ансамбль ағзалары сол жылы Сурхандәрья ўәлаятында болып өткен Наўрыз улыўмахалық байрамында өз ойынлары менен қатнасып қайтты. 2023-жылы 5-6-ноябрьде Қазақстан Республикасының «Бахытлы елдиң әўлады» атамасындағы таңлаўда ең үлкен сыйық гран -приди утып алды ҳәм сол сапар даўамында және бир «Мусиқа ҳаёти» таңлаўында гран при ҳәм биринши орынды жеңип алыўға миясар болыды. Ансамбль сондай-ақ, елимизде өткерилип атырған байрам концертлеринде де белсене қатнасып келмекте. 2023-жылдың декабрь айында Ташкент қаласындағы Халықлар дослығы сарайында болып өткен ҚВЗ таңлаўының филиалында белсене қатнасып, өзлериниң аяқ ойынларын тамашагөйлерге усынып, тамашагөйлердиң алғысына миясар болып қайтты. Және де 2023-жыл май айында Өзбекстан Республикасының «Шарқ атир гули» атамасындағы таңлаўда биринши орынды қолға киргизген болса, 2024-жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында өткерилген «Open Asia» халықаралық таңлаўында биринши орынды ийелеп, Испания мәмлекетине жолламаны қолға киргизеди.
«Шуғла» ансамбли 2019-жылы дүзилген болып, оны талантлы аяқ ойыншы Әжинияз Аширов шөлкемлестирип ҳәм басшылық етип келмекте.


–Ансамбльди дүзген ўақытта 12 ер ҳәм 12 қыз балалар менен баслаған болсақ, ҳәзирги ўақытта олардың қатары кеңейип, аяқ ойынға қызығыўшы балалар саны артпақта. Ата-аналар балаларның бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ҳәм бос жүрмеўи ушын анасмблимизге алып келеди. Әлбетте, олар арсынан аяқ ойынға қызығыўшы ҳәм талантлы балаларды таңлап аламыз. Өзбек, қарақалпақ, түркмен, қазақ ҳәм басқа да миллет ўәкиллериниң аяқ ойынлары репертуарымыздан орын алған. Алдағы ўақытларда еле де тартымлы аяқ ойынларды сахналастырып, халқымыздың нәзерине усыныўды режелестирмектемиз,-дейди Әжинияз Аширов.
Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги