Интернаты оқыўшыларының табысы

Самарқанд ўәлаятында Өзбекстан көлеминде көзи әззи ҳәм шала көриўши оқыўшылар арасында тийкарғы пәнлер олимпиадасының Республикалық басқышы болып өтти.
Олимпиадаға Республикалық мектеп-интернатлардың 11-класс оқыўшылары математика, өзбек тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты ҳәм тарийх пәнлеринен өзлериниң билимин сыннан өткерип, нәтийжеде мүнәсип жеңимпазлар анықланди.
Бул олимпиадаға Нөкис қаласындағы «Нурлы мәкан» мектеп-интернатының оқыўшылары да белсене қатнасты. Соның ишинде, 11-класс оқыўшысылары Фарида Раманова ҳәм Султан Турамбетовлар рус тили ҳәм әдебияты пәнинен екинши ҳәм үшинши орынларды, математика пәнинен Шамурат Кеўлимжаев үшинши орынды ийелеп, интернат тарийхында бурын болмаған жаңа табысты қолға киргизди.

-Мектебимиз оқыўшыларының қолға киргизген бул жетискенликлери әлбетте, пүткил мектеп-интернаттың, қалаберди, жеңимпазларымыздың талапшаң, излениўшең ҳәм нәтийжеге ерисиў жолында тынып-тыншымайтуғын билимли устазларының тынымсыз мийнети ҳәм көптен күткен жетискенлиги болып есапланады-дейди мектеп-интернат директоры, 1-«Жолшылар» сайлаў округинен Халық депутатлар Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Айдарбек Аймуратов.-Бундай жетискенликлердиң изи даўамлы болыўын шын кеўилден тилеп, барлық устазларға өз миннетдаршылығымды билдиремен.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, жеңимпаз оқыўшыларымызды рус тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери Елизавета Қудиярова, Зернегул Шатаева ҳәм математика пәни муғаллими Абат Досжановлар таярлады.
Гүлнара Мамутова,
Нөкис қаласындағы «Нурлы мәкан» мектеп-интернатының «Китапқумарлар» дөгереги басшысы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги